Донорлық акциясы өткерилди

419

Елликқала районында жәмийетте инсаныйлық ҳәм кеңпейиллик қәдириятларын беккемлеўге қаратылған гезектеги донорлық илажы шөлкемлестирилди.

Бул ийгиликли акция Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Елликқала районлық Кеңесиниң басламасы менен районлық медицина бирлеспеси жанындағы қан қуйыў орайында болып өтти.

“Бар меҳримиз саған балажан” сүрени астында өткерилген бул илаждың тийкарғы мақсети – қанға мүтәж болған балаларға бийпул жәрдем көрсетиў, сол арқалы жәмийетте ықтыярый донорлық мәдениятын кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат болды.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, илажда Елликқала районы ишки ислер бөлими хызметкерлери, медицина бирлеспесиниң шыпакер ҳәм мийирбийкелери, партия белсендилери, сондай-ақ, бир топар ықтыярлы донорлар белсене қатнасты. Олар аўыр жағдайдағы наўқасларға өмир бағышлаў жолында бийғәрез ҳәм ийгиликли исти әмелге асырды.

Бундай акциялар халық арасында өз-ара тилеклеслик, адамгершилик ҳәм жәмийетке пайдалы болыў сезимин күшейтиўге хызмет етеди. Соның менен бирге, медицина мәкемелеринде турақлы қан резервин жаратыўға да әмелий жәрдем береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги