Үнемлеў мәденияты қәлиплестирилмекте

Төрткүл районы ҳәкимлигинде жанылғы-энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, олардан нызамсыз пайдаланыўдың алдын алыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған мәжилис шөлкемлестирилди.
Онда районға бириктирилген Өзбекстан Бас прокуратурасының ўәкили, район прокуроры Н.Джоламанов, сондай-ақ, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жуўапкерлери, электр ҳәм газ тәмийнаты тараўының қәнигелери, қадағалаў уйымлары ҳәм жумысшы топар ағзалары қатнасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Мәжилис даўамында энергия ресурсларынан пайдаланыўда бар машқалалар, соның ишинде, электр ҳәм ыссылық энергиясының шығынларын азайтыў, нызамсыз жалғаныўларды анықлаў және сапластырыў илажлары додаланды.

Соның менен бирге, энергияны үнемлеў бойынша әмелий режелер белгилеп алынып, халық арасында түсиндириў жумысларын күшейтиў, атап айтқанда, ҳәр бир пуқарада үнемлеў мәдениятын қәлиплестириў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги