Қараөзек районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-декабрьдеги ПҚ-465-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде семинар өткерилди.

Онда атыз шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларда, халықтың қыйтақ жерлери, хожалықлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлар алды ҳәм аўыл-аймақлардағы ишки көшелерде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Қараөзек, Шымбай ҳәм Тахтакөпир районларының Карантин агентлиги, Фермерлер кеңеси ҳәм басқа да аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери, дийқан-фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелери қатнасқан илажда, тийисли тараў басшылары ҳәм қәнигелери тәрепинен Президент қарарының әҳмийети, онда белгиленген жеңилликлер түсиндирилип, атыз шетлери ҳәм коллектор-дренаж әтирапларынан нәтийжели пайдаланыў, егилген мийўе нәллерин ҳәм палыз егинлерин тәрбиялаў ҳаққында да кең түрде мағлыўматлар берилди.

Семинарда сондай-ақ, аўыл хожалығы кооперацияларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў мәселелери ҳаққында да сөз етилди.


Мағлыўмат ушын, айтып өтетуғын болсақ, 2025-жылы Қараөзек районында атыз шетлериндеги 39 гектар майданға ҳәм суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж әтирапындағы 7 гектар майданға мийўе нәллери, палыз егинлери, овощ ҳәм собықлы өсимликлер егилген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги Атыз шетинде өним жетистириўди шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў бөлими баслығы Муратжан Джуматов.-Бул егилген нәллерге аймақларға бириктирилген фитосанитариялық қадағалаў мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен мониторинг өткерилип, оның  нәтийжелери бойынша мағлыўматлар “Е-фито” бағдарламасындағы «Атыз қадағалаўы» платформасына толық киргизилип, дизимге алынған. Семинарда қатнасыўшылар тәрепинен қәнигелерге сораўлар берилип, оларға жуўап алды.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы