Нызамшылығымызға киргизилген жаңа өзгерислерге түсиниклер берилди

Қарақалпақстан Республикасы судының басламасы менен «Жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Мийнет кодекси бойынша кадрлар жумысларын шөлкемлестириў ҳәм мийнетке байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў» атамасында семинар өткерилди.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Мәмлекетлик салық басқармасы, «Республикалық тез медициналық жәрдем орайы» Қарақалпақстан филиалы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, АКБ «Халық банки», «Қарақалпақ суў тәмийнаты» АЖ, Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығының хызметкерлери ҳәм усы шөлкемлердиң кадрлар ислерине жуўапкер хызметкерлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы ҳәм районлар аралық (район) судларының судьялары қатнасты.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Суды баслығының орынбасары Б.Қтайбеков басқарып барды.
Семинарда тийкарынан, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Судлар тәрепинен мийнет шәртнамасын бийкарлаўды тәртипке салыўшы нызамшылықты қолланыў әмелияты ҳаққында»ғы 2023-жыл 20-ноябрьдеги 26-санлы қарарын үйрениў, Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 161-статьясы, 2-бөлими, 2, 4-5-бәнтлерине тийкарланып мийнет шәртнамасын бийкарлаў тийкарлары ҳаққында сөз етилди.
-Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2023-жыл 20-ноябрьдеги «Судлар тәрепинен мийнет шәртнамасын бийкар етиўди тәртипке салыўшы нызамшылықты қолланыў әмелияты ҳаққында»ғы 26-санлы қарары бүгинги күни суд-ҳуқық әмелиятында айрықша әҳмийетке ийе болмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Судының судьясы Мийригул Дауменова.-Бул қарарда судлар тәрепинен мийнет шәртнамаларының бийкар етилиўи менен байланыслы ислерди көрип шығыўда бирден-бир қатнасты қәлиплестириў, әмелдеги нызамшылық нормаларын дурыс ҳәм бирдей қолланыў, хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын исенимли қорғаўға қаратылған әҳмийетли усыныслар билдирилди. Усы Пленум қарары мийнет ҳуқықларының кепилликли қорғалыўын тәмийинлеўде әҳмийетли нормативлик-ҳуқықый дәрек сыпатында хызмет етпекте. Соның менен бирге, мийнет келиспеўшиликлери бойынша суд қарарларының тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин арттырыўға хызмет етеди.
Семинарда баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, мийнет келиспеўшиликлерин шешиўде судлар тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылған.
Ҳәр қандай шөлкемде мийнет нызамшылығына қатаң әмел етилсе, жумысшы-хызметкерлердиң ҳуқықлары менен мәплери бузылмайды. Бул бағдарда жаңа редакциядағы Мийнет кодекси ҳәм басқа да нызам талапларын терең үйрениў, олардың әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў үлкен әҳмийетке ийе.

Семинарда қатнасыўшылар тәрепинен нызамшылығымызға киргизилген жаңа өзгерислер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы