JBIC пенен бирге ислесиўдиң келеси басқышлары додаланды

Санлы инфраструктураны раўажландырыў жәмийет ҳәм экономиканы ушын үлкен пайда келтиреди.
Санлы инфраструктура: интернет, мағлыўматлар орайлары, санлы төлем системалары бизнес ушын жаңа имканиятлар жаратады.
Жаңа жумыс орынлары ҳәм стартаплар пайда болады.
Электрон коммерциялық ҳәм хизметлер тараўы жедел раўажланады.

Санлы инфраструктураны раўажландырыў тек ғана өсиў емес, ал социаллық турақлылық, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында да жоқары болыўды тәмийинлейди. Бул болса заманагөй раўажланыўдың әҳмийетли тийкары болып есапланады.
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Япония Халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC) басқарыўшы баслығы Ҳаяши Нобумитсу басшылығындағы делегация менен ушырасыў даўамында Өзбекстанда санлы инфраструкттураны раўажландырыў ҳәм әмелдеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў мәселелесин додалады.

Сондай-ақ, сөйлесиў даўамында тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы, келешектеги режелери ҳәм санлы технологиялар тараўындағы жаңа жойбарлар бойынша пикир алысты. Соның менен бирге, санлы инфраструктураны модернизациялаў, IT -билимлендириўди раўажландырыў ҳәм халықаралық билимлендириў мәкемелери менен биргеликтеги бағдарламаларды жаратыў, стартап жойбарлар арқалы инновациялық идеяларды әмелге асырыў мәселелерине итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара нәтийжели сөйлесиўди даўам еттириў, тийкарғы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа басламаларды биргеликте ислеп шығыў бойынша келисип алды.
ӨзА