Израиль Иранға соққылар берди

Израиль Иранға превентив соққылар бергенин мәлим етти. Нышанлар Иранның ядро объектлери, ракета қуўатлықлары ҳәм әскерий сәркардалары екени айтылды. Нетаньяхудың айтыўынша, операция «Иран тәрепинен туўылып атырған қәўипти сапластырыў ушын қанша күн керек болса, сонша даўам етеди».
Иран мәмлекетлик ғалаба хабар қураллары ИРҚК сәркардасы Ҳусайн Саламий, Қураллы Күшлер бас штабы баслығы Муҳаммад Багерий, ядрошы илимпазлар Ферейдун Аббосий ҳәм Муҳаммад Меҳди Тегеранчидиң қайтыс болғаны ҳаққында хабар бермекте. Сондай-ақ, мәмлекеттиң Натанз қаласындағы тийкарғы уран байытыў кәрханасында да жарылыўлар жүз бергени мәлим етилмекте.
АҚШ операцияда қатнаспағанын билдирди. Солай болса да, Иран қураллы күшлериниң ўәкили Израиль ҳәм оның тийкарғы аўқамласы АҚШ ҳүжим ушын «жоқары компенсация» төлейтуғынын айтып, Вашингтонды операцияны қоллап-қуўатлаўда айыплады.
Израиль болса Иранның жуўап соққыларын күтпекте, мәмлекетте айрықша жағдай жәрияланды.
Жағдай фонында Өзбекстан СИМ Иран ҳәм Израильдеги Өзбекстан пуқараларын қәўипсизлик илажларына қатаң әмел етиўге ҳәм бәрқулла өзлери менен ҳүжжетлерин алып жүриўге шақырды (елшханаларымыздың байланыс номерлери: Иранда: 22299780, 22832025; Израильде: 03-672-2466, 054 485 1397).
Қарақалпақстан хабар агентлиги