Air India: самолёттағылардан 241 адам қайтыс болған

368

“Air India” авиакомпаниясы Ҳиндстанның батысындағы Аҳмадобод қаласы аэропорты жанында қулаған “Boeing-787 Dreamliner” бортындағы 242 жолаўшыдан 241 и қайтыс болғанын тастыйықлады.

– Өкиниш пенен мәлим етемиз, аман қалған жалғыз инсан емлеўханада емленбекте, – делинген билдириўде.

Алдынырақ жергиликли ҳәкимият ҳәм айрықша хызметлер уйымы апатшылық ақыбетинде 310 адам, соның ишинде, самолёттағы 241 адам қайтыс болғаны мәлим етилген еди.

Соңғы мағлыўматларға бола, тек 40 жасар ҳиндстанлы Уллы Британия пуқарасы Рамеш Вишвашкумар ғана аман қалған. Ол ўайраншылық астынан өзи шығып, тез жәрдем машинасының қасына жүрди.

Ҳиндстан ғалаба хабар қураллары жәбирлениўшиге биринши жәрдем көрсетилип атырғанын сәўлелендириўши сүўретти тарқатты.

Вишвашкумардың сөзлерине бола, ол терезе жанында жайласқан әпиўайы категориялы, 11А санлы орынлықта отырған. Самолёт ҳаўаға көтерилгенинен тек ғана 30 секунд өткеннен кейин, оның еслеўинше, күшли жарылыў жүз берген. Соннан кейин самолёт жоқары тезликте төменлей баслаған. Рамеш пенен бирге ҳәзирше тәғдири белгисиз жолаўшыларың дизимге киргизилген ағасы да ушып атырған еди.

С.Раҳимов, ӨзА