Қарақалпақстан Орайлық Азияда өсиў чемпионы болыўы мүмкин – BCG

Boston Consulting Group компаниясының басқарыўшы директоры Рза Нуриев Ташкент халықаралық инвестиция форумында Қарақалпақстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын усынды. «Қарақалпақстан тек ғана Өзбекстанда емес, ал пүткил Орайлық Азияда өсиў бойынша жетекшиге айланыў ушын үлкен потенциалға ийе, деп есаплайман», – деди Нуриев.
Есап-санақларға бола, аймақтың экономикалық өсиў пәтлери 2035-жылға барып, жылына 6 процентке шекем көтерилиўи мүмкин. Бул өсим төрт тараўға тийкарланады: энергетика, санаат, аўыл хожалығы ҳәм туризм, деди Нуриев.
Оның сөзлерине бола, энергия ислеп шығарыў көлеми жети есеге – 1,5 тен 11 ГВт ға артады. Регионда 60 ГВт дан аслам самал ислеп шығарыў потенциалы бар. Дерлик 10 ГВт «жасыл» самал энергиясы бойынша жойбарлар әлле қашан режелестирилген.
Мәлим етилиўинше, стратегияны әмелге асырыў бойынша толық жол картасы ислеп шығылған ҳәм президент администрациясы жанында «анық басқарыў системасына ҳәм зәрүр бюджетлерге ийе».
Қарақалпақстан хабар агентлиги