Сенат Баслығы Женевада Халықаралық мийнет шөлкеми Бас директорының орынбасары менен ушырасты

333

Женева қаласында болып өтип атырған Халықаралық мийнет конференциясының   113-сессиясы шеңбериңде Халықаралық мийнет шөлкеми Бас директорының орынбасары Беате Андрес пенен ушырасыў өткерилди.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстанда мүнәсип мийнет бойынша 2021-2025-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Мәмлекетимизде  мүнәсип мийнет принциплерин алға қойыў, Халықаралық мийнет шөлкеминиң әҳмийетли конвенцияларын ратификациялаў, халықаралық стандартларды миллий әмелиятқа кеңнен енгизиў  бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар жоқары баҳаланды.

Сондай-ақ, Өзбекстанда 2030-жылға шекемги дәўирге мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыў мәселелери көрип шығылды.

Онда Турақлы раўажланыў мақсетлеринде белгиленген тийкарғы ўазыпайлардың орынланыўына, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық қорғаўды күшейтиў, үш тәреплеме миллий бирге ислесиўшилердиң, мәмлекетлик мийнет инспекторларының кәсиплик  маманлығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги