Климат өзгериўи ҳәм оның тәсири, глобалласыў, себеплери ҳәм ақыбетлери

197

Кейинги он жыллықларда инсаният алдында турған ең аўыр машқалалардан бири – бул климат өзгериўи болып есапланады. Глобал ысыў, музлықлардың ериўи, қурғақшылық, тасқынлар сыяқлы ҳәдийселер күнделикли турмысымызға барған сайын күшли тәсир етпекте. Бул мақалада климат өзгериўиниң себеплери, оның ақыбетлери ҳәм турмысымыздағы реал мысаллар көрип шығылады.

Глобал ысыў дегенимиз не? Глобал ысыў – бул жер атмосферасының орташа температурасының әсте-ақырын көтерилиў процеси болып есапланады. Бурын бул процесс тәбийғый цикллерге тийкарланған болса да, соңғы 150 жыл ишинде бул температураның кескин өсиўи инсанның ҳәрекети менен байланыслы болған антропоген факторлар нәтийжеси болып табылады.

Жанылғылардың жаныўы: нефть, газ ҳәм көмир сыяқлы қазылма жанылғыларды жағыў нәтийжесинде атмосферага карбонат ангидрид (ЦО2) ҳәм басқа парник газлери шығарылады.

Тоғайлардың кесилиўи: Тоғайлар карбон газин жутыў қәсийетине ийе. Бирақ, оларды кесиў арқалы бул тәбийғый “фильтрлер” жоқ етилмекте. Санаатласыў ҳәм автомобильлер: Аўыр санаат ҳәм миллионлаған автомобильлер ҳәр күни атмосфера патасланыўына себеп болмақта. Өзбекстан мысалында климат өзгериўи. Өзбекстан да бул машқаладан шетте емес. Қарақалпақстанда жайласқан Арал теңизи тарийхый дәрежеде қурып бармақта. 1960-жылларда дүньядағы төртинши ири теңиз болған бул суў бассейни ҳәзирги ўақытта өз майданының 90% тен асламын жойытқан. Нәтийжеде регионда шаң боранлары, топырақтың шорланыўы ҳәм халықтың саламатлығының төменлеўи жүзеге келген.

Қандай илажлар көрилмекте?

Париж келисими (2015): Дүнья мәмлекетлери ыссыхана газлери шығындыларын азайтыў ҳәм глобал температура өсиўин 1,5°Ц дан асырмаўға келисип алған.

Жасыл энергияға өтиў: Қуяш ҳәм самал энергиясы сыяқлы альтернатив дәреклерден пайдаланыў барған сайын кеңеймекте.

Тоғайларды тиклеў: Бир неше мәмлекетлерде кең көлемли терек егиў жойбарлары әмелге асырылмақта.  Мәселен, Өзбекстанда да “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбары басланған.

Жуўмақлап айтқанда, климат өзгериўи – бул келешек әўладлардың өмири ушын қәўип туўдыратуғын глобал машқала. Ҳәр бир инсан, ҳәр бир мәмлекет экологиялық турақлылықты тәмийинлеў жолында өз үлесин қосыўы зәрүр. Тәбиятты сақлаў – бул бизиң миннетимиз емес, ал жасаў шәртимиз болып есапланады.

Муниса Эркинова,

Бердақ атындағы ҚМУ 1-курс студенти.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги