Ташкентте және бир илимий-әмелий конференция өткериледи

Ертең пайтахтымыздағы Орайлық Азия халықаралық институтында «Әлийшер Наўайы ҳәм Абдураҳман Жәмий мийрасының Орайлық Азия халықлары дослығын беккемлеўдеги әҳмийети» атамасында өзбек ҳәм тәжик халықларының бул еки уллы шайыры жумысының регионаллық мәдений қарым-қатнасты раўажландырыўдағы орнына бағышланған халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтеди.
Илажда өткериўши мәкеме ўәкиллеринен тысқары Әлийшер Наўайы атындағы Халықаралық жәмийетлик фонды, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жазыўшылар аўқамлары, Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекши университетлери ҳәм илимий-изертлеў орайлары, дипломатиялық миссиялардың ўәкиллери, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Түркменстаннан белгили әдебияттаныўшылар, мәденият ғайраткерлери, илимий ҳәм билимлендириў дәргайларының хызметкерлери қатнасады.
Бағдарламаға бола, ашылыў мәресиминен соң түрли темаларда сессиялар, дөретиўшилик бағдарлама, бирге ислесиў меморандумларына қол қойыў, әдебий мийрастың регионда гуманитарлық байланыслар ҳәм миллетлераралық татыўлықты раўажландырыўға тәсири бойынша илимий пикир алысыў нәзерде тутылған.
Бул әнжуман Орайлық Азия уллы ойшылларының бай руўхый мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы жақын қоңсышылық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге қаратылған кең көлемли илажлар қатарында әҳмийетли ўақыяға айланыўы күтилмекте.
Ғ.Хонназаров, ӨзА