Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде улыўма баҳасы 30,5 миллиард долларлық инвестиция ҳәм саўда келисимлерине қол қойылды

181

Бүгин Ташкенттеги  “САЕХ UZBEKISTAN”  халықаралық көргизбе орайында Ташкент халықаралық инвестиция  форумы өз жумысын жуўмақлады.

Усы мүнәсибет пенен бул орайда Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратовтиң қатнасыўында брифинг өткерилди.

Лазиз Қудратов өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң алдында Орайлық Азиядағы ең ири инвестиция платформасы – IV Халықаралық инвестиция форумы табыслы өткенин қанаатланыўшылық менен мәлим етти.

– Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев еки ири илаж – форумның ашылыўнда қатнасты ҳәм Сырт ел инвесторлары кеңесиниң 3-сесиясына басшылық етти. Бул әҳмийетли ушырасыўлар жетекши халықаралық инвесторлар, мәмлекетлик уйымлар, қаржы институтлары ҳәм бизнес ўәкиллерин бирлестирди.

Усы жылы  форумға 8 мыңнан аслам делегат, соның ишинде, 97 мәмлекеттен 3 мыңға шамалас сырт ел мийманлары келди. Бундай кең көлемли қатнасық Өзбекстанға болған исеним ҳәм қызығыўшылықтың артып баратырғанынан дәрек береди.





Сондай-ақ, форумда 150 ден аслам белгили спикердиң қатнасыўында 36 панель сессиясы  болып өтти. Ташкент инвестиция форумында биринши мәрте санаат көргизбеси өткерилди. 12 мың квадрат метр майданды ийелеген көргизбеде электротехника, фармацевтика, азық-аўқат санааты, тоқымашылық, былғары санаат, қурылыс  материаллары, машина қурылысы, таў-кән санааты, металлургия, энергетика, автомиль қурылысы, химия, қаржы хызметлери, IT, туризм ҳәм басқа тараўларда сырт ел инвесторлары ушын жойбар усынысларын усынған 100 ге шамалас жергиликли кәрханалар көрсетилди.

Ҳәр күни  көргизбеге 2000 нан аслам адам келди, 500 ден аслам B2B ҳәм B2G  ушырасыўлар өткерилди.

Форум шеңберинде улыўма баҳасы 30,5 миллиард долларлық инвестиция ҳәм саўда келисимлерине қол қойылды.

Келеси жылы сизди жаңа идеялар, алдынғы  басламалар ҳәм инновациялық  форматлар менен Ташкентте күтип аламыз. Ҳәммеңизге үлкен мийнетиңиз ҳәм пидайылығыңыз ушын рахмет айтаман, – деди бирифинг жуўмағында министр.

Н. Зиёдуллаева, О. Пардаев (сүўрет), ӨзА