Саида Мирзиёева: Қарақалпақстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығылды

214

IV Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде Қарақалпақстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығылды, деди Президент жәрдемшиси.

Атап өтилиўинше, өткен жыл даўамында бул регион ушын бир қатар сөйлесиўлер алып барылған, бағдарламалар иске қосылған ҳәм қаржы ресурслары қаратылған. Бул басламаларды «Boston Consulting Group» компаниясы менен биргеликте ислеп шығылған стратегиялық реже толықтырады.

– Мақсетимиз тек ғана инвестиция алып келиў емес, ал киргизилген инвестиция жергиликли халыққа жәрдем бериўге, оларды қоллап-қуўатлаўы ҳәм жаслар ушын айдын келешек жарататуғынына исеним пайда етиў болып табылады, -деди Саида Мирзиёева.

Жаңа стратегия Қарақалпақстан Республикасының экономикалық потенциалын жүзеге шығарыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, бәнтлик дәрежесин арттырыў, киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында сапалы өзгерислерди әмелге асырыўды өз ишине алады.

Бул стратегия тек ғана экономикалық көрсеткишлерге емес, ал инсан капиталын раўажландырыў, жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм социаллық теңликти тәмийинлеўге де қаратылған. Усы көзқарастан қарағанда, Қарақалпақстан ушын бул ҳүжжет тек ғана аймақлық раўажланыў режеси емес, ал кең көлемли раўажланыў концепциясы болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги