Халыққа медициналық хызмет көрсетиў жетилистирилмекте

Мәмлекетимиз басшысының денсаўлықты сақлаў системасына тийисли пәрман ҳәм қарарларында белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Шымбай районында алып барылып атырған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың районда тараў ўәкиллери ҳәм тийисли шөлкем ҳәм мәкеме басшылары менен ушырасыўы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында 2025-жыл 7-май күни өткерилген мәжилисте белгиленген тапсырмалар ҳәм “Республикада денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелери негизинде жаңа район (қала) лық денсаўлықты сақлаў бөлимлери шөлкемлестириледи. Әлбетте, жаңадан шөлкемлестирилип атырған бул структуралар аймақларда медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, системалы басқарыўды жолға қойыў ҳәм халықтың талабына муўапық хызмет көрсетиў имканиятын жаратады. Қарақалпақстан Республикасында тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде Шымбай районлық медицина бирлеспеси белгиленген.
Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-майдағы “Республикада денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-88-санлы Пәрманы ҳәм “Денсаўлықты сақлаў системасындағы реформаларды әмелге асырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП-185-санлы қарары қабыл етилип, орынланыўы бойынша жумыслар баслап жиберилди.

Соның ишинде, усы жылы медицина тараўын раўажландырыў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар шеңберинде айрықша “Жол картасы” тастыйықланып, орынланыўы қадағалаўға алынды. Буның ушын, өз алдына арнаўлы штаб шөлкемлестирилип, Шымбай районындағы ҳәр бир шаңарақлық поликлиникадағы шыпакерлердиң жумысын дурыс жолға қойыў ҳәм халыққа басланғыш медициналық хызметлердиң сапалы алып барылыўын шөлкемлестириў бағдарында жумыслар әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, ҳүрметли Президентимиздиң қарарлары тийкарында тәжирийбе-сынақ жойбарын әмелге асырыў, оның орынланыўы үстинен турақлы мониторинг ҳәм таллаў өткерип барыў, сондай-ақ, тәжирийбе-сынақ жойбарын республиканың барлық аймақларына кеңнен енгизиў мақсетинде Шымбай районлық медицина бирлеспеси негизинде бийғәрез юридикалық тәреп статусына ийе болған районлық денсаўлықты сақлаў бөлими шөлкемлестирилди.
Усылар менен бир қатарда, ушырасыўда жуўапкерлер тәрепинен Президентимиздиң усы пәрман ҳәм қарарларының орынланыўы ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берип өтилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы