Лизингке әсбап-үскене ҳәм имаратлар алыў тәртиплери түсиндирилди

201

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында “Uzbek Leasing International” компаниясы тәрепинен исбилерменлер ҳәм тараў ўәкиллери ушын әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда аўыл хожалығы техникалары ҳәм үскенелерин лизинг арқалы сатып алыўдың ҳуқықый ҳәм әмелий жақлары, “Uzbek Leasing International” компаниясы тәрепинен берилип атырған қаржыландырыў имканиятлары ҳәм жеңиллетилген шәртлери, лизинг шәртнамалары, талап етилетуғын ҳүжжетлер, мүддет ҳәм төлеў тәртиплери, жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын жаратылып атырған қолайлықлар ҳәм мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў механизмлери бойынша толық мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, “Uzbek Leasing International” компаниясы ўәкиллери менен басқарма тәрепинен семинардан соң өткерилген сөйлесиўлерде Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын лизинг шәртлерин жеңиллетиў бойынша келисип алынды. Мәселен, басқарма тәрепинен усынылатуғын исбилерменлерге әсбап-үскенелер, имаратлар 18 проценттен емес, 17 проценттен берилиўи, буннан тысқары, лизингтиң басқа шәртлеринде де жеңилликлер ҳәм жәрдемлер берилиўине келисип алынды.

Бул бойынша қосымша сораўлар яки жәрдем керек болса басқармағаның қәнигесине +998 90 701 05 06 телефон номери арқалы хабарласатуғынлығы атап өтилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги