Қарақалпақстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығылды

Мүнәсибет
Ташкент халықаралық инвестициялық форумы усы жылдың ең әҳмийетли экономикалық илажларынан бири сыпатында жоқары әҳмийетке ийе болды. Онда тек ғана Өзбекстан емес, ал халықаралық жәмийетшилик ушын да әҳмийетли болған мәселелер додаланды. Форумның тийкарғы мақсети – Өзбекстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, сырт ел инвесторлары менен бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм стратегиялық реформаларды халықаралық майданда танытыўдан ибарат болды.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Ташкент халықаралық инвестициялық форумындағы шығып сөйлеген сөзи Өзбекстанның ашық-айдынлық сиясатына, инновациялар ҳәм халықаралық бирге ислесиўге садықлығын айқын көрсетти. Онда дүнья көлеминдеги сиясий ҳәм экономикалық өзгерислер фонында Өзбекстанның стратегиялық көзқараслары, атап айтқанда, санлы технологиялар, жасалма интеллект ҳәм IТ экспорты сыяқлы тараўлардағы жетискенликлери ҳәм мақсетлери ҳаққында кең мағлыўматлар берилди. Бәринен бурын, форумға 100 ге шамалас мәмлекеттен 3 мыңға шамалас сырт ел мийманларының қатнасыўы Өзбекстанның глобал майдандағы абырайы артып атырғанынан дәрек береди. Мәмлекетимизге болған исенимниң күшейгени – экономикалық реформалардың нәтийжеси ҳәм турақлы сиясий орталықтың нәтийжеси болып есапланады.
Президентимиз тәрепинен келтирилген санлар – IТ экспортының 1 миллиард долларға жетиўи, 2030-жылға барып бул көрсеткишти бес есеге арттырыў режеси, 500 мегаваттлы 20 “дата орай”дың қурылысы – бул мәмлекеттиң санлы трансформация жолында исенимли ҳәрекет етип атырғанын көрсетеди. Әсиресе, “Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери” жойбары жас әўладты жаңа технологиялар тийкарында таярлаўға қаратылған узақ мүддетли стратегиялық көзқарас болып табылады. Форум шеңбериндеги сессияда Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева да “Boston Consulting Group” компаниясы менен биргеликте Қарақалпақстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығылғанын мәлим етти.
Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева өз сөзинде Қарақалпақстанның келешеги миллий тийкарғы ўазыйпалардан бири екенин атап өтти ҳәм бул тек ғана режелер дүзиў емес, ал анық ҳәрекетлерди әмелге асырыў бойынша жумыс алып барылып атырғанына итибар қаратты. Сондай-ақ, Қарақалпақстанда көплеген машқалалар бар екенлиги, әсиресе денсаўлықты сақлаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм билимлендириў тараўында өз шешимин күтип турған мәселелер бар екенлиги ҳәм соның менен бирге оғада үлкен имканиятлар да бар екенлигин атап өтти.
Климат шараяты аўыр болыўына қарамастан, өзинде тәкирарланбас тәбийғый гөззаллық ҳәм туризм ушын ҳақыйқый имканиятларды жәмлегенин, регионда бар имканиятлар көлемин тереңирек аңлаў ушын инвесторлар келип, Қарақалпақстанның үлкен потенциалын өз көзлери менен көриўге ҳәм бул имканиятлардың гүўасы болыўға және бул имканиятлар көлемин баҳалаўға мирәт ететуғынын айтып өтти.
Мақсетимиз тек ғана инвестиция алып келиў емес, ал киргизилген инвестиция жергиликли халыққа жәрдем бериўи, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўы ҳәм жаслар ушын айдын келешек жаратыўға исеним пайда етиўи болып есапланады,-деди Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева. Мағлыўмат ушын, Ташкент халықаралық инвестиция форумы төртинши мәрте өткерилмекте. Форум биринши мәрте 2022-жыл 24-26-март күнлери, екинши мәрте 2023-жыл 27-28-апрель күнлери ҳәм үшинши мәрте 2024-жыл 2-3-май күнлери болып өткен. Бул форум Өзбекстанның жаңа экономикалық келбетин көрсетиўши әҳмийетли платформа сыпатында тарийхта қалды. Оның нәтийжеси тек ғана қол қойылған шәртнамаларда емес, ал олардың әмелий орынланыўы ҳәм мәмлекеттиң инвестициялық орталығын түп-тийкарынан жақсылаўда көринеди. Форум – тек ғана илаж емес, ал жаңа басқышқа өтиў белгиси болып есапланады.
Бул ретки форум бизнес орталығы жәҳән стандартларына бейимлесип атырғанын көрсетеди – ҳәм инвесторларға исеним меҳрин арттырады. Быйылғы форумда экономикалық раўажланыў, инвестициялар, жасыл энергия, санлы технологиялар ямаса қәўипсизлик сыяқлы әҳмийетли темалар додаланды. Бул темалар глобал жәмийетшилик ушын әҳмийетли, соның менен бирге, Өзбекстан ушын да стратегиялық әҳмийетке ийе. Форумда түрли мәмлекетлерден келген делегациялар қатнасты, жаңа шәртнамалар, меморандумларға қол қойылды.
Бул Өзбекстан экономикасы ушын жаңа имканиятлар есигин ашады.
Форум Өзбекстанның халықаралық бирге ислесиўге таяр екенин, инвестициялар ушын ашық екенин ҳәм реформаларды тереңлестириўдеги исенимлилигин көрсетти. Жуўмақлап айтқанда, Мәмлекетимиз басшысының бул шығып сөйлеген сөзи Өзбекстанның глобал инвестициялық орталықтағы орнын, инновацияларды алға қойыўдағы исенимлилиги ҳәм халықаралық бирге ислесиўдеги ашық-айдынлығын көрсетти. Бул тек ғана инвесторларға емес, ал мәмлекетимиз ишиндеги реформалардың нәтийжелилигине де жаңа түртки береди десек, асыра айтқан болмаймыз.
Гүлжан Халмуратова,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
ӨзЛиДеП фракциясы ағзасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги