Бүгин Хожели районында  жақында елимизде болып өткен өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықларын сайлаў мапазында  усы лаўазымға сайланған жуўапкерлерге рәсмий түрде хызмет гүўалығы ҳәм көкирек белгисин тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажға Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының  районлық бөлиминиң баслығы Н.Пахратдинов, тийисли тараў басшылары ҳәм 28 мәҳәлле баслықлары қатнасты. Илажда  район ҳәкими Ж.Ермашев сөзге шығып, жаңадан сайланған мәкан пуқаралар жыйынлары баслықларына халықтың  исенимин ақлап, өз ўазыйпаларын пидайылық пенен атқарыў ҳәм орынларда болып атырған  машқалаларды  үйренген ҳалда нәтийжели жумыс алып барыўды айрықша атап өтти. Өз гезегинде, мәҳәлле баслықлары көрсетилип атырған  итибар ушын миннетдаршылық билдирип, жүкленген  ўазыйпаларды шөлкемлескенлик пенен әмелге асыратуғынын   атап өтти.

                                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги