Президент пәрманы ҳәрекетте

Президентимиздиң 2023-жыл 8-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған қосымша илажлар» ҳаққындағы пәрманы тийкарында республикамыз бойлап кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Сол жумыслар шеңберинде Тақыятас районындағы «Дослық» МПЖ аймағындағы суў бассейнинде дем алыў орайының қурылыс жумыслары баслап жиберилип, бүгинги күнде қызғын алып барылмақта.




Пәрман тийкарында инвестиция киргизиў шәрти менен жер орын ажыратылып, 1,7 гектар жер майданында қурылып атырған орай иске түскеннен соң , 16 адамның бәнтлиги тәмийинлениўи режелестирилген. Бул болса пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди. Бул  жойбар нәтийжесинде район халқы әсиресе, балалар ҳәм келиўши мийманларға суў бассейни жағасында қызықлы ҳәм қәўипсиз дем алыў ушын қолайлы имканиятлар жаратылыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги