Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Тахтакөпир районында да Өзбекстан Республикасының «Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы нызамы тийкарында пуқаралар жыйыны баслықларының сайлаўы шөлкемлескенлик пенен болып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында усы өткерилген сайлаўларда сайланған 17 пуқаралар жыйынлары баслықларына рәсмий түрде хызмет гүўалығы ҳәм көкирек белгисин тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажда район ҳәкими Ж. Адилов жаңадан сайланған пуқаралар жыйыны баслықларын қутлықлап, оларға өз ўазыйпаларын пидайылық пенен атқарыў, халықтың машқалаларын үйренип, оларды нәтийжели шешиўдеги ислерине табыслар тиледи.

Мәресимде жыйын басшыларына рәсмий гүўалықлар ҳәм көкирек белгилери салтанатлы түрде тапсырылды.

Сондай-ақ, илажда аймақтың  социаллық-экономикалық раўажланыўына ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған бир қатар тараў пидайылары Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясы  Тахтакөпир районлық бөлиминиң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы