Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицейинде 2024-2025-оқыў жылы питкериўшилери ушын салтанатлы диплом тапсырыў мәресими болып өтти.
Илажға университет басшылары лицейдиң педагогикалық жәмәәти, питкериўши оқыўшылардың ата-аналары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Салтанатлы мәресимде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик А.Реймов барлық питкериўшилерди, олардың ата-аналары ҳәм устазларын оқыўшыларды лицейди табыслы тамамлағаны менен қутлықлады. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде жасларға айрықша итибар қаратылып, олардың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық шараятлар жаратылып атырғанын атап өтип, жасларды келешекте Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын жетик қәнигелер болып жетилисиўине исеним билдирип, алдағы ислеринде табыслар тиледи.
Буннан соң питкериўши оқыўшыларға салтанатлы түрде дипломлар тапсырылып, оқыў даўамында өзиниң үлгили минез-қулқы, белсендилиги ҳәм жетискенликлери менен ажыралып турған питкериўшилерге Ҳүрмет жарлықлары, алтын ҳәм гүмис медальлар тапсырылды.
-Быйылғы жылы лицейимизди анық, тәбийғый, шет тиллер ҳәм социал-гуманитар пәнлер бағдарлары бойынша 248 оқыўшы питкерип шықпақта,- дейди усы лицей директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Руслан Нажимов.-Олардың арасынан 2 оқыўшымыз алтын, 7 оқыўшымыз гүмис медальлар менен питкерген болса, 48 оқыўшы «Қызыл диплом» менен тамамлады. Әлбетте, питкериўшилеримиздиң бул жетискенликлери тек ғана оқыўшылар ушын емес, ал, олардың ата-аналары ҳәм устазлары ушын да үлкен мақтаныш болып есапланады. Алдағы ўақытлары усы питкериўшилеримиздиң барлығы да өзлери қәлеген оқыў орынларына кирип кетип, елимиз ушын керекли қәнигелер болып жетилиседи, деп ойлайман.
Илаж даўамында питкериўши оқыўшылар, олардың ата-аналары да шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет, билдирилген жақсы тилек ҳәм исеним ушын билим берген устазларға миннетдаршылықларын билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы