Сырт ел инвесторлары кеңесиниң үшинши мәжилиси шеңбериндеги қызғын сөйлесиўлер

356

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-июнь күни Сырт ел инвесторлары кеңесиниң үшинши  мәжилиси шеңберинде бир қатар абырайлы шөлкемлердиң басшылары  басшылығындағы делегация ўәкиллерин қабыл етти.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одил Рено-Бассо басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Өзбекстан усы абырайлы халықаралық қаржы институты арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Биргеликтеги жойбарлар портфели кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди: ЕТРБның Өзбекстанға инвестициялары 5,5 миллиард евродан асты. Усы жылы және 1,1 миллиард евро тартыў режелестирилген болып, оның үлкен бөлеги жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға бағдарланады.

Шериклик стратегиясы нәтийжели әмелге асырылмақта. ЕТРБның жедел жәрдеми менен банк тараўы трансформацияланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў әҳмийетли екенин атап өтип, оның тийкарғы бағдарларын көрсетип өтти.

Суў тәмийнаты системасын технологиялық жақтан модернизациялаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарламасын алға қойыў, ипотека базарын, еркин экономикалық зоналар инфраструктурасын раўажландырыў, киши ҳәм орта бизнес имканиятларын кеңейтиў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў сыяқлы бағдарлар усылардың қатарына киреди.

Билимлендириў ҳәм медицина тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын алға қойыў, жасалма интеллектти енгизиў ҳәм санлы трансформацияға қаратылған стартапларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

Ломбардия Италияның халық саны ең көп ҳәм ири аймақларынан бири болып, Европаның экономикалық жақтан ең раўажланган ўәлаятлары қатарына киреди.

Ломбардия ўәлаятының губернаторы Аттилио Фонтана басшылығындағы делегация менен ушырасыўда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти раўажландырыўдың әмелий жақлары додаланды.

Жақында Самарқанд қаласында Бас министр Жоржа Мелони менен болып өткен сөйлесиўлердиң нәтийжелери, солар даўамында аймақлараралық байланысларды қоллап-қуўатлаўға келисип алынғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги күнде елимизде Ломбардия компаниялары менен биргеликте помидор, шафран жетистириў, тоқыма емес гезлеме ҳәм трикотаж, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Таяр текстиль, автоэлектроника, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, сүт ҳәм мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў, жәмийетлик транспортты раўажландырыў ҳәм басқа да жойбарлар ислеп шығылмақта.

Биргеликтеги жойбарлар портфелин кеңейтиў, Италияның алдынғы технологиялары ҳәм инвестицияларын Өзбекстан экономикасының түрли тармақларына және де кеңнен тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Милан қаласында Өзбекстанның санаат ҳәм экспорт потенциалы көргизбесин өткериў, саўда үйин ашыў ҳәм “Uzbek Organic” бренди астында экспорт линиясын иске қосыўға келисип алынды.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мақсетинде 2026-жылы Миланда Өзбекстан музейлериниң көргизбесин шөлкемлестириў мәселеси үйренилмекте.

Губернатор өзиниң шығып сөйлеген сөзинде, Ломбардия исбилермен топарларының  жойбар ҳәм басламалары ҳәр тәреплеме  қоллап-қуўатланып атырғаны  ушын Президентимизге қызғын миннетдаршылық билдирди. Өзбекстан аймақлары менен кең көлемли шерикликти жолға қойыўға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенлигин тастыйықлады.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетиииз басшысы Аттилио Фонтанаға 2026-жылы Милан қаласында болып өтетуғын қысқы Олимпиадаға таярлық көриў ушын ҳәм оны өткериўде табыслар тиледи.

Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегация менен ушырасыўда «Amea Power», «Etihad Water & Electricity», «TAQA Water Solutions», «AD Ports» ҳәм «Masdar»  компанияларының басшылары да қатнасты.

Ушырасыў алдында министр мәмлекетимиз басшысына БАӘ Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактум, Вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян ҳәм Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры Шайх Холид Ол Наҳаянның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан Президентиниң усы жылы январь айындағы БАӘға сапары жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан-БАӘ стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм тиккелей авиақатнаўлардың саны артпақта.

Әмирликлердиң жетекши компанияларының қатнасыўындағы жойбарлар портфели 20 миллиард доллардан артты. Төртинши Ташкент инвестициялық форумы шеңберинде БАӘ компаниялары менен бир қатар жаңа келисимлерге қол қойылды.

Энергетика, транспорт, логистика, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, қала қурылысы, суў тәмийнаты ҳәм басқа да бағдарлардағы ири жойбарларды жеделлестириўге келисип алынды.

Өзбекстан-Саудия Исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы, “ACWA Power” компаниясының басқарма баслығы Муҳаммад Абунайян басшылығындағы ири компаниялардың делегациясы менен ушырасыўда “Vision Invest” ҳәм “Riyadh Cables” компанияларының басшылары да қатнасты.

Бул мәмлекеттиң исбилерменлери менен әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм елимиздеги тийкарғы жойбарларды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Саудияның “ACWA Power” ҳәм басқа да компаниялары менен нәтийжели шериклик жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги күнде биргеликтеги жойбарлар портфели 24 миллиард долларға жеткен. “Жасыл” энергетика тараўындағы жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Ташкент ўәлаятында “жасыл” водород ислеп шығарыў жолға қойылды.

Электр тармақларын модернизациялаў, электротехника санаатын раўажландырыў, мәлимлеме технологиялары, транспорт, коммуналлық хожалық ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Қытайдың «China State Construction», «China General Nuclear Power», «CAMCE», «Goldwind» ҳәм «ZTO Express» компанияларының басшылары менен ушырасыўда Қытай бизнесиниң Өзбекстанға қызығыўшылығы ҳәр қашанғыдай жоқары екенини қанатланыўшылық пенен атап өтти. Өткен жылдың өзинде бул мәмлекеттен тартылған инвестициялардың көлеми 10 миллиард доллардан артты.

«China State Construction» компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Чжен Сюэсюан менен сәўбетте Ташкент қаласында жол инфраструктурасын модернизациялаў бағдарындағы бирге ислесиў нәтийжелери жоқары баҳаланды. Ташкент қаласында мәденият объектлерин шөлкемлестириў бойынша перспективалы режелер додаланды.

Ташкент ўәлаятында санаат зонасын қурыў жойбарын баслаў ҳәм компанияның автомобиль жоллары қурылысында қатнасыўы ҳаққында келисип алынды.

«China General Nuclear Power» корпорациясының баслығы Ян Чанли менен сөйлесиўлерде таў-кән санаатында шерикликти беккемлеў мәселелери дыққат орайында болды. Геология-излеў жумысларын жеделлестириў ҳәм жаңа кәнлерди өзлестириўге қызығыўшылық билдирилди. Компанияның гибрид қуяш электр станциясын қурыў ҳәм бажыхана жүклерин сканерлеў технологияларын енгизиў режелери қоллап-қуўатланды.

«CAMCE» корпорациясының баслығы Ван Бо менен пайтахтымызда Олимпиада қалашасын қурыў бойынша биргеликте әмелге асырылған жумыслар жуўмақланды. Компания басқарыўында Ташкент қаласындағы «Жаңа әўлад» индустриаллық технопарки жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.

Биргеликтеги басламалар портфелин кеңейтиў, атап айтқанда, электр энергетикасы ҳәм Жаңа Ташкент қаласын инфраструктуралық раўажландырыў жойбарларын жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

«Goldwind» компаниясының баслығы Ву Ганг пенен компанияның «жасыл» энергетиканы раўажландырыўдағы қатнасы бойынша пикир алысылды. Өзбекстанда компания менен биргеликте самал электр станциялары ушын комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыў жолға қойылған.

Самал генераторларын ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм ағымдағы жойбарларды жеделлестириўге келисип алынды.

«ZTO Express» компаниясының басшысы Ху Сянлян мәмлекетимиз басшысына Өзбекстанда товарларды бажыхана рәсмийлестириўинен өткериўге жәрдемлесиў бойынша онлайн платформаны иске қосыў ҳәм «ақыллы» логистика қоймаханаларын шөлкемлестириў нийети ҳаққында мағлыўмат берди.

Оман Патшалығы саўда, санаат ҳәм инвестицияларға жәрдем бериў министри Қайс бин Муҳаммад ал-Юсуф пенен ушырасыў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саидтың қызғын сәлемин жеткерди.

Әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестиция   тараўларында кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Түрли дәрежелердеги жедел сөйлесиўлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Форум шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм исбилермен топарларының ушырасыўлары болып өтеди.

Энергетика, геология, азық-аўқат, тоқымашылық, химия санааты, транспорт ҳәм логистика, туризм, қаржы тараўларында биргеликтеги жойбарларды, соның ишинде, Өзбекстан – Оман инвестиция компаниясының жедел жәрдеминде алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң әмелдеги баслығы, Финляндия сыртқы ислер министри Элина Валтонен менен сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман  мәмлекетимиз басшысына Финляндия  Президенти Александр Стуббтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен ЕҚБШ арасында әмелий қатнасықларды беккемлеў ҳәм Өзбекстан-Финляндия  бирге ислесиўин және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Миллий сайлаў системасын можернизациялаў, ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў, гендер ҳәм жаслар мәселелери, «жасыл» күн тәртиби бойынша  шөлкем  менен конструктивлик бирге ислесиў раўажланып баратырғанын қанаатланыўшылық  атап өтилди. Климат  қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўжаланыў мәселелерине итибарды күшейтиў әҳмийетли  екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан – Финляндия қатнасықларының, бәринен бурын, саўда-экономикалық инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы күн тәртиби толық көрип шығылды.

Регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысылды, болажақ илажлардың режеси көрип шығылды.

Аўғанстан санаат ҳәм саўда министри ўазыйпасын атқарыўшы Нуриддин Азизий менен сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман Өзбекстан жетекшисине Аўғанстан басшылығының қызғын сәлемин жеткерди.

Саўда-экономикалық, транспорт-логистика, энергетика ҳәм аграр тараўларда, сондай-ақ, геология-излеў ҳәм пайдалы қазылмалар бағдарындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Исбилерменлик байланысларының жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалардың саны артпақта, еки мәмлекет компанияларының қатнасыўында бизнес сапарлары ҳәм көргизбелер турақлы өткерилмекте. Термиз қаласында Халықаралық саўда орайы табыслы жумыс алып бармақта. Усы жылдың май айында Қабул ҳәм Мозори Шариф қалаларында саўда үйлери ашылды.

Өзбекстан басшысы экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый тийкарларын буннан былай да беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, “Ҳайратон” санаат орайын тез пурсатта қурыў, ол жерде фармацевтика, мебель қурылысы, тоқымашылық өнимлерин, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў қуўатлықларын жайластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Трансаўған темир жолы ҳәм “Сурхон – Пули-Хумри” электр узатыў линиясын қурыў сыяқлы ири регионаллық инфраструктура жойбарлары қоллап-қуўатланды.

Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC) басқарыўшысы Нобумицу Хаяси басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Японияның бул жетекши қаржы институтының қатнасыўындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.

JBIC мәмлекетимиз экономикасының әҳмийетли тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаўға үлес қосып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги күнде биргеликтеги жойбарлар портфели, соның ишинде, нефть-химия, тоқымашылық санааты, энергетика, мәлимлеме технологиялары, инфраструктура ҳәм басқа да бағдарларда дерлик 4 миллиард долларға жетти.

Жаңа үш жыллық бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде Япония компанияларының қатнасыўында “жасыл” энергетика, IT, транспорт ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында кооперация жойбарларын тез пурсатта таярлаў ҳәм алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстанда Япония халықаралық университетин ашыў бойынша әмелий илажлар көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында комплексли “жол картасы”н қабыл етиўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Standard Chartered”, “International Hospitals Group”, “LVMH”, “Airbus” сыяқлы Европаның бир қатар жетекши компанияларының басшыларын да қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы форумда Европа мәмлекетлеринен қатнасыўшылар санының көбейгени тәреплер экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенинен дәрек беретуғынын атап өтти.

Европа мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми, биргеликтеги  кәрханалар саны ҳәм инвестициялар портфели көбейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жедел мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм алмасыўлары жолға қойылған.

“Standard Chartered”  компаниясының басшысы Саиф Малик пенен киши бизнес ҳәм инфраструктура жойбарларын қаржыландырыў, сондай-ақ, Өзбекстан банклери тәрепинен жаңа кредит линияларын өзлестириў бойынша шерикликти кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.

“International Hospitals Group” басқармасының баслығы Честер Кинг пенен клиника қурыў режелери, сондай-ақ, Өзбекстандағы көп тармақлы медицина орайларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыў мәселелери додаланды.

Ташкент-ситиде “LVMH” флагман дүканын ашыўды тезлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, Өзбекстандағы жипек ҳәм тәбийғый шийки зат ислеп шығарыўшыларды компанияның тәмийнат шынжырына киргизиў имканиятлары көрип шығылды.

“Airbus” команиясының Европадағы президенти Йохан Пелисье менен сөйлесиўде авиация тараўындағы шерикликти кеңейтиў преспективаларына  айрықша итибар қаратылды. Узақ мүддетли Бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиў әҳмийетли екенлигин мәлим етти.

Европа компанияларының басшылары Өзбекстан Президентине қызғын қабыллағаны  ҳәм мәмлекетимизде сырт ел инвесторлары ушын жаратылған қолайлы шараятлар ушын миннетдаршылық билдирди. Экономиканың тийкарғы тармақларында   әҳмийетли жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўда буннан былай да қатнасыўға таяр екнлигин мәлим етти.

“Euronews”  медиа холдинги директорлар кеңесиниң баслығы Педро Варгас пенен ушырасыўда усы жетекши компания менен бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, “Euronews”тиң кең аудиториясын Өзбекстанның бай мәдений-тарийхый мийрасы, мәмлекетте жүз берип атырған әҳмийетли сиясий-экономикалық процесслер, сондай-ақ, оның инвестициялық ҳәм туризм потенциалы ҳаққында хабардар  етиў мәселелери  көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы биргеликтеги   мәлимлеме жойбарларын әмелге асырыў ҳәм профессионал кадрлар таярлаў бағдарындағы жедел ҳәрекетлерди, сондай-ақ, “Euronews” Ташкент қаласында өз офисин ашыўды режелестирип атырғанын қоллап-қуўатлады.

“Euronews Academy” бағдардамасы шеңберинде өзбекстанлы журналистлерди алдынғы профессионал стандартлар тийкарында оқытыў режелери қоллап-қуўатланды.

Барлық  перспективалы бағдарлар бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде биргеликтеги “жол картасы”н таярлаўға келисип алынды.

ӨзА