Сәўбетлесиўлер нәтийжели даўам етпекте

296

Елликқала районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары – Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри Н.Ерлепесов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының баслығы Х.Бекчановтың басшылығында исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди.

Онда 100 ге шамалас исбилерменлер ҳәм тийисли шөлкемлердиң жуўапкерлери қатнасты.

Жүзбе-жүз сөйлесиўде дәслеп исбилерменлерге салық нызамшылығындағы жаңалықлар, атап айтқанда, ҚҚС ҳәкимшилиги, ӨХИК, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы санаат кәрханаларында жанылғы-энергия ресурсларынан  үнемли пайдаланыў мақсетинде электр энергиясы ушын тариф  15 процент төменлетилген муғдарда жеңилликлер берилгенлиги ҳаққында түсиниклер берилди. Соң исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланды.

Сөйлесиўде барлық машқала ҳәм усыныслар толық үйренилип, машқалалардың көпшилиги усы жердиң өзинде шешимин тапты. Соның менен бирге, қосымша үйрениў ҳәм ўақыт талап ететуғын айырым мәселелердиң шешими ушын мүддет белгиленди.

Бундай ушырасыўлардың мақсети исбилерменлердиң машқалаларын нәтийжели шешиў, орынларда өндирислик кәрханалардың жумысының турақлылығын тәмийинлеў, олардың жумысын кеңейтиў ҳәм сол арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға қаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги