Азиз Еримбетов Чили дәрўазасына гол урды

330

Усы жылдың 3-27-ноябрь күнлери Қатардың Доха қаласында өткерилетуғын жәҳән чемпионатына қызғын таярлықлар көрип атырған Исламбек Исмаилов басшылығындағы футбол бойынша Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы кеше Чили U-17 сайланды командасына қарсы ойын өткерди.

Оғада кескин өткен ойынның 35-минутында қарақалпақстанлы жас футболшы Азизбек Еримбетов өзиниң күшли ҳәм анық соққысы менен Чили дәрўазасына гол урыўға миясар болды. Буннан соң ушырасыўда есап өзгерместен қалды.

13-июнь күни сайланды командамыз ағзалары чилили футболшылар менен және бир мәрте ойын өткереди. Ал, буннан соң болса, 17-19-июнь күнлери Боливия мәмлекетиниң жас өспиримлерине қарсы ойынға түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы