Жас фермерлер ушын семинар

Усы күнлерде мәмлекетимиз басшысының басламасы менен аймақларда жаслар ушын жер майданлары ажыратылып, олардың дәрамат табыўына кең имканият берилип, бәнтлиги тәмийинленбекте.
Атап айтқанда, Жаслар ислери агентлиги ҳәм бир қатар жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте Президентимиздиң 2024-жыл 5-апрельдеги “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде барлық ўәлаятларда жаслар ушын арнаўлы оқыў-семинарлар шөлкемлестирилди.

Оқыў-семинарда аймақлардан келген жаслар жетекшилерине аўыл хожалығы билимлерин арттырыўға, фермерлик шеберлигин раўажландырыўға ҳәм заманагөй усылларды үйрениўге жәрдем беретуғын жаңа “Жас фермер” платформасы менен ислесиў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Бул платформа арқалы олар қолланбалар ҳәм оқыў видеолары арқалы басқышпа-басқыш аўыл хожалығының теориялық билимлерин үйрениўи, тараўдағы ең соңғы жаңалықлардан хабардар болыўы, егин жетистириў ҳәм шарўашылық бойынша пайдалы усынысларды алыўы мүмкин болады.
Гулноза БОБОЕВА, ӨзАның хабаршысы