Ташкент “World Challenge Cup” жарысын өткереди

Өзбекстан спорт тарийхында биринши мәрте Ташкентте спорт гимнастикасы бойынша «World Challenge Cup» халықаралық жарысы өткериледи.
Халықаралық гимнастика федерациясы календарынан орын алған бул абырайлы жарыс усы жылдың 18-21-июнь күнлери пайтахтымыздағы Гимнастика орайында болып өтеди.

Онда Армения, Болгария, Хорватия, Германия, Гонконг, Исландия, Израиль, Қазақстан, Литва, Қубла Африка Республикасы, Қытай Тайпейи, Түркия, Украина сыяқлы мәмлекетлердиң 65 жетекши гимнастикашылары, атап айтқанда, жәҳән ҳәм континент чемпионлары, Олимпиада ойынларының жеңимпазлары сыйлы орынлар ушын гүрес алып барыўы күтилмекте.
Жәҳән кубоги басқышы болған беллесиўлерде Ўатанымыздың абырайын гимнастикашы қызларымыздан Оксана Чусовитина, Дилдора Орипова, Шахинабону Юсупова, Одинахон Робижонова, жигитлерден Ҳумоюн Исломов, Алишер Бойсаров, Равшан Комилжонов, Озотилла Абдурасулов, Аҳрорхон Темирхонов, Абдулазиз Мирвалиев қорғайтуғыны тастыйықланды.
Ҳәзирги күнлерде “Лос-Анджелес-2028” Олимпиадасы жолындағы «World Challenge Cup» жарысын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, елимизге келетуғын сырт ел делегацияларын күтип алыў, зәрүр шараятлар жаратыў сыяқлы мәселелер бойынша Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги, Өзбекстан Гимнастика федерациясы ҳәм тийисли шөлкемлер тәрепинен белгиленген жумыслар әмелге асырылмақта.
Т.РУЗИЕВ, ӨзА хабаршысы