Орынларда реже-график тийкарында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-декабрьдеги ПҚ-465-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде атыз шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларының әтирапындағы майданларда, халықтың қыйтақ жерлери, шаңарақлар ҳәм көп қабатлы турақ жайлар алды және мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған семинарлар өткерилмекте.

Қанлыкөл районында усы мәселелерге бағышланған семинар өткерилди.

Онда Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларынан Карантин агентлиги, Фермерлер кеңеси ҳәм басқа да бир қатар аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери, дийқан-фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелери қатнасты.

Илажда қарардың мазмун-мәниси, белгиленген жеңилликлер түсиндирилип, атыз шетинен ҳәм коллектор-дренаж әтирапларынан нәтийжели пайдаланыў, егилген мийўе нәллерин ҳәм палыз егинлерин тәрбиялаў бойынша мағлыўматлар берилди.

Семинарда аўыл хожалығы кооперацияларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў, edu.karantin.uz платформасында оқытыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери ҳаққында да сөз етилди. Атап өтилгениндей, ҳәр бир егиске жарамлы жерлерден нәтийжели пайдаланыўымыз керек.

Мағлыўмат ушын, 2025-жылы Қанлыкөл районында атыз шетлериндеги 49 гектар майданға ҳәм суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж әтирапындағы 5 гектар майданға мийўе нәллери, палыз егинлери, овощлар ҳәм собықлы егинлер егилген. Бул егилген нәллер аймақларға бириктирилген фитосанитариялық қадағалаў мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен мониторинг етилип, оның нәтийжелери бойынша мағлыўматлар “E-fito” программасындағы “Атыз қадағалаўы” платформасына толық киргизилип, дизимге алынған.

Илажда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги