Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Тахтакөпир районында да ғәлле орым-жыйыны жумыслары қызғын басланып кетти.
Өткен гүзде 2025-жылдың зүрәәти ушын 83 ғәлле жетистириўши субъектлер тәрепинен 3300 гектар жерге гүзлик бийдай туқымын еккен район дийқанлары оннан 9900 тонна өним жетистириўди режелестирген.
-Район аймағында ғәлле орым-жыйыны мәўсимин шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде, 15 отряд дүзилип, бул отрядларға Ишки ислер бөлими, Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм район ҳәкимлигиниң жуўапкер хызметкерлери бириктирилген. Сондай-ақ, отрядлар қурамына 15 комбайн, 45 дән тасыўшы жүк автомашинасы, 40 трактор тиркемеси, 4 көшпели устахана ҳәм 4 жанар май тасыўшы қураллар тартылған,-дейди район ҳәкими Жамбул Адилов.-Бүгинги күнге шекем райондағы бир қатар фермер хожалықлары дәслепки күнлерде-ақ, белгиленген режени артығы менен орынлап шықпақта.
Ҳәзирги ўақытлары районында ғәлле орым-жыйыны қызғын даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы