Кубоктиң ашылыў мәресими байрамға айланып кетти

Нөкис қаласы орайындағы «Ғәрезсизлик» майданында Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» Қарақалпақстан Республикалық басқышының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов шығып сөйлеп, соңғы жылларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында елимизде спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия тараўына қаратылып атырған итибар, жаслардың саламатлығын беккемлеў жолында алып барылып атырған реформалар ҳаққында айтып өтти.
Атап айтқанда, соңғы жыллары елимизде спорт объектлериниң қурылысы, заманагөй инвентарлар менен тәмийинлеў ҳәм қәбилетли спортшыларды қоллап-қуўатлаў бағдарында үлкен жетискенликлерге ерисилип атырғаны айрықша атап өтилди. Илажда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов жарыс қатнасыўшыларына жоқары нәтийжелер көрсетиўин тилеп, барлық командаларға әўмет тиледи.
Буннан соң футбол ҳәм мини футбол түринен «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги»ниң Қарақалпақстан Республикасы басқышына шек таслаў мәресими болып өтти.




Ашылыў мәресиминде елимизге белгили көркем өнер шеберлери тәрепинен йошлы концерт бағдарламасы қойып берилип, бул кең жәмийетшилик, жаслар ҳәм спорт жанкүйерлери ушын ҳақыйқый байрамға айланып кетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги