Қазақстан санаатындағы санлы трансформация тәжирийбеси өзбек қәнигелериниң дыққат орайында

«Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети мәлимлеме-коммуникация технологиялары департаменти баслығы Иномжон Норқуловтың мәлим етиўинше, жақында компания делегациясы хызмет сапары менен Қазақстанның Астана ҳәм Атыраў қалаларында болды.
Сапар Баку энергетика ҳәптелигинде «Өзбекнефтьгаз», Әзербайжанның «SOCAR», Қазақстанның «ҚазМунайГаз» ҳәм Россияның «Татнефть» компаниялары арасында қол қойылған төрт тәреплеме меморандумның орынланыўы шеңберинде әмелге асырылды.
– Сапардың тийкарғы мақсети нефть-газ тараўындағы алдынғы санлы шешимлер ҳәм инновациялық тәжирийбелер менен танысыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў және миллий компаниялар арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы, – деди И.Норқулов. – Биз Астана қаласындағы ушырасыўлар ўақтында «ҚазМунайГаз» миллий компаниясында корпоратив мәлимлеме системасы, яғный SAP ERPтиң енгизилиўи ҳәм эксплуатация процесслери менен таныстық. Онда SAP S/4HANA платформасына өтиў, бизнес процесслерин интеграциялаў, басқарыў есабын автоматластырыў, операциялық нәтийжелиликти арттырыў ҳәм корпоратив басқарыўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Делегация Қазақстандағы биринши газ-химия комплекси-«Kazakhstan Petrochemical Industries Inc.» (KPI) заводында да болды. Бул жерде заманагөй санлы шешимлер, атап айтқанда, интеллектуаллық роботластырылған тийкарғы қоймахананың жумысына итибар қаратылды. Бул қоймахана жоқары нәтийжели логистика ҳәм товар ағымларын автоматластырылған басқарыўды тәмийинлейди.
Итибарлы тәрепи сонда, KPI заводының таяр өним қоймаханасы Орайлық Азияда бирден-бир болып есапланады. Танысыў ўақтында заводта енгизилген «Computer Vision» системасы да таныстырылды. Қазақстанлы қәнигелер тәрепинен ислеп шығылған бул санлы шешим санаат қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўин жасалма интеллект жәрдеминде бақлаў имканиятын береди.
Буннан соң, Атыраў нефтьти қайта ислеў заводы (ООО«АНПЗ») жумысы да үйренилди. Бул кәрханада заманагөй SCADA системалары, Big Data тийкарындағы предиктив таллаў платформасы, технологиялық қәўипсизлик ҳәм қәўип-қәтерлерди басқарыўға қаратылған модуллер енгизилген. Бул процессте экологиялық көрсеткишлерди санлы мониторинг етиў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар бериледи.
Улыўма алғанда, бул хызмет сапары «Өзбекнефтьгаз» АЖ ушын Қазақстанның жетекши санаат объектлеринде енгизилген санлы трансформация тәжирийбеси менен танысыў, бирге ислесиў шеңберин кеңейтиў ҳәм тараўда инновациялық көзқарасларды әмелиятқа енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА