Әзербайжан Бас министри Гейдар Алиевтиң естелигин зыярат етти

252

Әзербайжан Республикасы Бас министри Али Асадов мәмлекетимиз Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте Ташкент қаласындағы Гейдар Алиевтиң естелигин зыярат етти.

Бул комплекс Әзербайжан Президентиниң 2022-жыл июнь айында мәмлекетимизге сапары ўақтында ашылған. Президентимиздиң басламасы менен пайтахтымыздағы көшеге Гейдар Алиевтиң аты берилгени ҳәм оның естелигине бағышлап естелик қурылғаны дос әзербайжан халқына терең ҳүрмет-иззеттиң әмелдеги көриниси болып есапланады.




Өзбекстан басшысы бул орайдың ашылыўында қатнасып, марҳум мәмлекетлик ғайраткер, Әзербайжанның улыўма миллий жетекшиси мәмлекетлеримиз арасындағы дослықты, туўысқан халықларымыздың тарийхый байланысларын избе-из беккемлеўге үлкен үлес қосқанын айрықша атап өткен еди. Өз гезегинде Әзербайжан жетекшиси мәмлекет басшысы ҳәм Өзбекстан халқына Гейдар Алиевтиң жарқын естелигин қәстерлеп сақлаўға қаратылып атырған турақлы итибар ушын миннетдаршылық билдирген еди.

Бүгин де дәстүрге муўапық жоқары мәртебели мийман естеликке гүл қойып, ғәрезсиз Әзербайжанның тийкарын салыўшысы Гейдар Алиевтиң естелигине ҳүрмет көрсетти.

ӨзА