“Келешекке қәдем” бағдарламасы тийкарындағы жумыслар үйренилди

258

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик А.Реймов университетте “Келешекке қәдем” бағдарламасы шеңберинде алып барылып атырған жумыслар менен танысты. Бул бағдарлама шеңберинде питкериўши студентлердиң бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың мийнет базарына табыслы интеграциясын қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар әмелге асырылмақта, – деп мағлыўмат береди ҚМУ Баспасөз хызмети бөлими.

Сондай-ақ, питкериўшилердиң жумысқа жайласыўына ҳәм олардың бизнес идеяларын әмелге асырыў ушын бизнес көнликпелерин қәлиплестириўге жәрдем бериў бағдарында жумыслар алып барылмақта.

Буннан соң, университеттиң регистратор офисинде студентлер ушын жаратылған шараятлар көзден өткерилди. Ҳәзирги ўақытта университет регистраторы офисиниң заманагөй талапларға жуўап беретуғын орталығы жаратылып, онда электрон мәлимлеме системалары, онлайн ҳүжжет айланысы ҳәм студентлер ушын қолайлы интерфейске ийе хызметлер енгизилген.


Ректор регистратор офиси хызметкерлери менен сәўбет өткерип, оларға өз усынысларын билдирди. Сәўбетлесиў даўамында офис қәнигелерине бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, хызмет сапасын және де жақсылаў ҳәм студентлер менен қарым-қатнасты күшейтиў бойынша әҳмийетли усыныслар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги