Мүрәжатларға итибар күшейтилмекте

Төрткүл районы “Беруний” мәҳәллесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Е.Турсунов ҳәм Президент Халық қабыллаўханасының Төрткүл районы бойынша баслығы У.Сабуров пуқаралар менен тиккелей сөйлести. Онда жәмийетшилик пенен жақыннан пикирлесип, олардың ҳәр қыйлы мәселелер бойынша мүрәжатлары дыққат пенен үйренилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Қабыллаў даўамында халықтың турақ жай кадастрына байланыслы ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳәм социаллық қорғаўға байланыслы мүрәжатлары айрықша көрип шығылып, оларға толық түсиниклер берилди. Сондай-ақ, бир қатар мүрәжатлар тийисли тәртипте қадағалаўға алынды ҳәм үйрениў ушын жуўапкер уйымларға жиберилди.
Жәми 8 мүрәжат тексериўлер талап етилиўи себепли белгиленген тәртипте дизимге алынып, қадағалаўға алынды. Бул мүрәжатлар тез арада анықланып, тийисли илажлар көрилетуғыны атап өтилди.


Бул көшпели қабыллаў пуқаралардың мәмлекетлик уйымларға исенимин беккемлеў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған әҳмийетли социаллық-ҳуқықый илажлардан бири сыпатында әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги