Беруний районында 2025-жыл зүрәәти ушын жетистирилген ғәлле өнимин набыт етпестен орып-жыйнаў мәўсимин шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша белгиленген илажлар нәтийжели даўам етпекте.

Беруний районында 2025-жылдың өними ушын 182 ғәлле жетистириўши субъектлер тәрепинен 3800 гектар майданға гүзги масақлы дән егинлери егилген. Бул ғәлле егилген майданлардан жәми 11400 тонна, соннан жәми товарлық дәннен 10700 тонна ҳәм туқымлық дәннен 700 тонна жетистирилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, жетистирилетуғын товарлық дәнниң 3350 тоннасы (29,4 проценти) мәмлекетлик ресурс сыпатында сатып алынатуғын бийдай ҳәм қалған 7350 тоннасы (64,5 проценти) дән кәрханасында ўақтынша сақланған ҳалда “биржа”да еркин баҳада сатылыўы белгиленбекте.

– «Ғәлле-2025-жыл» орым-жыйын мәўсимин шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде 15 отряд дүзилип, отрядларға Ишки ислер бөлими, Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм район ҳәкимлигинен жуўапкерлер тартылды,-дейди Беруний районы ҳәкимлигиниң аўыл хожалығы бөлими баслығының орынбасары Р.Абдураймов.

Сондай-ақ, бул отрядларға 15 комбайн, дән тасыў ушын 45 жүк автомашинасы, 102 трактор тиркемелери, 14 көшпели устахана, 14 жанылғы тасыў қураллары бириктирилди.


Ҳәзирги күнге шекем райондағы гүзлик бийдай егилген 664 гектар жерден 1997 тонна бийдай орып-жыйнап алынды. Бул жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги