Мойнаққа саяхат етиў ушын самолёт пенен барды

377

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги хызметкерлериниң мазмунлы дем алыўын шөлкемлестириў мақсетинде Мойнақ районына саяхат шөлкемлестирилди.

Ишки туризмди раўажландырыў, пуқаралардың тарийхый-мәдений мийрас объектлери менен жақыннан танысыўы ушын шараят жаратыў, сондай-ақ, хызметкерлердиң экологиялық билимин арттырыў ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлерин көтериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм министрлик жанындағы кәсиплик аўқамы комитетиниң басламасы менен Қурбан ҳайыт байрамы мүнәсибети менен Мойнақ районына саяхат шөлкемлестирилди.

Бул саяхат қатнасыўшыларда терең тәсир қалдырды. Хызметкерлер тек ғана регионның қурамалы экологиялық жағдайы емес, ал оның тарийхый әҳмийети менен де жақыннан танысыў мүмкиншилигине ийе болды.

– Президентимиздиң басламасы менен ишки туризмди раўажландырыў, тараўларда жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң мәдений ҳәм руўхый жақтан дем алыўын шөлкемлестириў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң кәсиплик аўқамы шөлкеминиң баслығы Марат Қурбаниязов.

Ҳәр ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлери тарийхый, зыярат ҳәм мәдений орынларға саяхатлар шөлкемлестирилип хызметкерлердиң мазмунлы дем алыўы тәмийинленбекте. Министрликтиң аппаратында жумыс ислейтуғын бир топар хызметкерлер менен азанда Нөкис аэропортынан самолётта Мойнаққа ярым саатта қыйналмай жетип келдик. Саяхатымыз саат 15:30ға шекем даўам етип, 16:00де және самолёт пенен Нөкиске қайттық.

Саяхат даўамында Мойнақ районында жайласқан ҳәм Арал теңизи түбинде пайда болған  “Кемелер қойымшылығы”н, сондай-ақ, Аралбойы экологиялық апатшылығы ҳәм тарийхый процесслер ҳаққында мағлыўмат беретуғын “Арал теңизи тарийхы” музейин барып көрдик. Арамызда Мойнаққа келип көрмегенлер де бар екен. Бул жерде Мойнақ ҳаққында көплеген мағлыўматларға ийе болды.

Саяхат даўамында қәнигелер тәрепинен Аралбойы аймағында жүзеге келген экологиялық машқалалар, олардың ақыбетлери ҳәм бул бағдардағы реформалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги