Питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеўге итибар қаратылмақта

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған жасларға мийнет базарындағы бар имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат бериў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўде әмелий жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, олардың басламаларын тыңлаў ҳәм машқалаларына шешим табыў мақсетинде питкериўши студент-жаслар менен ушырасыўы болып өтти.
Илажға тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлердиң басшылары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик А.Реймов басшылығындағы университет проректорлары, барлық факультеттиң деканлары, декан орынбасарлары ҳәм питкериўши студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўда Ф.Эрманов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-февралдағы ПҚ-61-санлы “Жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң жумысқа орналасыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының әҳмийети ҳәм онда нәзерде тутылған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде түсиник берди.
-Президентимиздиң бул қарары, бәринен бурын, питкериўшилердиң мийнет базарына сәйкес түрде таярланыўын, олардың қәнигелиги бойынша жумысқа жайласыўын системалы жолға қойыўды нәзерде тутады,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх факультетиниң деканы Саламат Сулайманов.-Ушырасыўда усы қарар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасында бул бағдарда алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтилди.
Илажда студент-жаслар тийисли тараў басшыларына өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша мүрәжат етти.
Илажда сораўлар тийкарынан – питкериўши студентлердиң бәнтлиги, бос жумыс орынлары, жумыс бериўшилер менен байланыслар, исбилерменлик жумысын баслаў имканиятлары, мәмлекет тәрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳәм субсидиялар, сондай-ақ, социаллық қорғаў мәселелерине қаратылды.
Ушырасыўда тараў қәнигелери, министрликлер ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери жаслардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап берип, өзлеринде бар имканиятлар ҳәм бағдарламалар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Илаж соңында Ф.Эрманов питкериўши жасларға жоқары исеним билдирип, оларды белсенди ҳәм пидайы болыўға шақырды. Сондай-ақ, ҳәр бир жастың бәнтлиги ҳәм келешеги мәмлекет итибарында екенин, бул бағдарда барлық зәрүрли илажлар көрилип атырғанын атап өтти.
Бул ушырасыў студент-жаслар ушын тек ғана мотивациялық руўх емес, ал, әмелий жақтан пайдалы болған пикирлесиў майданына айланды.

Ушырасыў даўамында билдирилген усыныс ҳәм мүрәжатлар бойынша жуўапкер шөлкемлерге тийисли тапсырмалар берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы