Жаслардың ҳуқықый билими ҳәм мәденияты арттырылмақта

274

Беруний районындағы Жаслар орайында судьялардың жаслар менен ушырасыўы ҳәм көшпели суд мәжилиси өткерилди.

Илажға Беруний районы Жынаят ислери бойынша судының тергеў судьясы И.Алланиязов ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы А.Салиевлар қатнасты.

Ушырасыў даўамында тергеў судьясы И.Алланиязов жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, бул иллетлердиң унамсыз ақыбетлери ҳаққында айтып, нызамшылықтағы белгиленген тәртиплер ҳәм жаслардың ҳуқықый санасын арттырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша жасларға ҳәр тәреплеме түсиник берди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 22-январдағы ПҚ-1-санлы қарары тийкарында мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында да мағлыўмат берди.

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы А.Салиев болса Өзбекстан Республикасының 2025-жыл 11-марттағы ӨРН-1047-санлы нызамының әҳмийетин атап өтип, усы нызам тийкарында суд системасында жаратылған қолайлықлар, атап айтқанда, суд процесслерин аралықтан турып (онлайн түрде) өткериў имканияты ҳаққында мағлыўмат берди. Судья суд мәжилисиниң реал ўақыт режиминде аралықтан турып қандай шөлкемлестирилиўи мүмкин екенлигин жаслардың қатнасыўында әмелий түрде көрсетип берди. Бул болса, жаслар ушын заманагөй суд системасының имканиятларын тиккелей бақлаў имканиятын жаратты.

Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша Беруний районы судының тергеў судясы И.Алланиязов тәрепинен жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың  ақыбетлерин түсиндириў мақсетинде көшпели суд процеси шөлкемлестирилди. Жаслар бул суд мәжилисинде тиккелей қатнасып, суд процесиниң барысын әмелий жақтан бақлаў имканиятына ийе болды.

-Өткерилген ушырасыў жаслардың ҳуқықый билимин арттырыў ҳәм ҳуқықый мәдениятын беккемлеўде  үлкен әҳмийетке ийе болды,-дейди Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы А.Салиев.

Илаж даўамында судьялар жаслардың қызықтырған сораўларына толық жуўап берди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы