Төлем хизметлери базарында ашық-айдынлық талаплары күшейтилмекте

244

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде төлем хызметлери менен байланыслы ҳүжжет – төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң жумысын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

Бүгинги күнде төлем хызметлерин көрсетиўши коммерциялық банклер ҳәм төлем шөлкемлери тәрепинен төлем хызметлерин көрсетиў процесинде операциялық, ликвидлик, кредит ҳәм киберҳүжим қәўиплериниң пайда болыў жағдайлары көп ушырасып атырғанлығын атап өтиў керек.

Бул нызам жойбары менен “Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында”ғы, “Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы, “Төлемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында”ғы, “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Депутат Адҳам Назирқуловтың атап өткениндей, санлы төлем хызметлерин усыныўда социаллық инжиниринг ҳәм кибержынаятшылық пенен байланыслы қәўип-қәтерлер түриниң артып баратырғаны себепли барлық төлем системасы операторларына қәўип-қәтерлерди басқарыў системасын енгизиў ҳәм Орайлық банк тәрепинен белгиленген минимал талапларға муўапық болыўын тәмийинлеў жүкленбекте. Төлем шөлкемлери төлем жумысының көлемине бола, еки категорияға ажыратылып, әҳмийетли төлем шөлкеми түсиниги киргизилмекте.

Төлем терминаллары ҳәм виртуал төлем терминалларының ҳуқықый статусы анық белгилеп берилмекте. Алдаўшылыққа қарсы антифрод системаларын енгизиў миннетлемеси нәзерде тутылмақта. Төлем хызметлери базарында ашық-айдынлық ҳәм жумыстың үзликсизлигин тәмийинлеўге қаратылған талаплар күшейтилмекте.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи төлем хызметлери базарында қәўипсизликти тәмийинлеў, қаржы бойынша алдаўшылықлардың алдын алыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын және де нәтийжели қорғаўға хызмет етеди.

 

 

                                                 ӨзА