Тәбияттың қәдирин аңлаўымыз зәрүр

269

Тәбиятқа қастыянлық етиў – бул инсанның өз мәплери жолында, қоршаған орталыққа бийпәрўалық пенен қарап, оған зыян жеткериўи есапланады. Бул тәбиятты пүткиллей аңламаў, оның нәзик теңсалмақлығын бузыў ҳәм оған деген ҳүрметсизлик нәтийжеси болып табылады.

Тереклерди кесиў, дәрья суўын патаслаў, ҳайўанларды өлтириў сыяқлы ҳәрекетлер тийкарында тәбийғый орталыққа берилген аяўсыз соққыларда тәбиятқа қастыянлық болып есапланады. Тәбиятты бундай өзгертиў экосистемалар арасындағы теңсалмақлылықтың бузылыўна алып келеди. Себеби, өсимликлер, ҳайўанлар, микроорганизмлер өз-ара байланыслы ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлайды. Оның бир бөлегин жоғалтсақ, басқалары да изден шығады. Кейин тәбияттың қаншелли нәзик екенин түсинип жетемиз, бирақ ол ўақытта кеш болыўы мүмкин. Ҳәттеки, бир тоғайдың кесилиўи ямаса дәрья суўының тосылыўы пүткил тиришиликке қәўип туўдырады. Тоғайларды кесиў, жерлерден надурыс пайдаланыў, артықша тәбийғый байлықларды, минералларды қазып алиў ақыбетинде жердиң өнимдарлығы төменлейди, суў дәреклери ҳәм атмосфера патасланады.

Өндиристен шығатуғын газлер ҳәм адамлар күнделикли турмысында пайдаланатуғын пластикалық ыдыслар, бир мәртелик плёнкалар, ҳәр қыйлы жаныўшы шығындылардың жағылып кетиўи – ҳәммеси биргеликте дүньяның климатын өзгертип атыр. Климат өзгериўи айрықша қәўип туўдырады. Теңиз суўының көтерилиўи, апатлы нөсер жаўын-шашынлар ямаса қурғақшылық – булардың барлығы инсанның өзиниң басқан надурыс қәдемлериниң нәтийжеси болып табылады.

Тәбияттағи барлық тиришиликлер ҳайўанлар ҳәм өсимликлер бир-бири менен тығыз байланыслы. Бирақ инсанлардың ойланбастан ислеген ҳәрекетлери себепли айырым түрлери жоқ болып кетпекте. Мәселен, тийкарынан Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрьяның төменги бөлегинде жасаған “Арал сулайманбалығы” деп аталған балық ҳәдден тысқары балықшылықтың раўажланыўы ақыбетинде өткен әсирдиң 30-жылларында жоқ болып кеткен. Ямаса сол жыллары пүткил жер жүзинде жоқ болып кеткен “Ферғана алақанаты” атлы гүбелек түрин мысал етип алыўымыз мүмкин. Бундай жоғалтыўлар жақсылыққа алып келмейди. Тәбиятта бир түрдиң жоқ болып кетиўи, пүткил экосистеманы ҳәлсиретеди ҳәм ақыр-аяғында адамзаттың өзине де зыян жеткереди. Биз инсанлар, тәбият бизсиз жасаўы мүмкин, бирақ бизлер тәбиятсыз жасай алмайтуғынымызды түсинип жетпей атырмыз.

Енди бундай машқалаларға қарсы гүресиў ҳәм турақлы раўажланыў ушын бизиң ҳәр бир ҳәрекетимиз тәбиятқа зыян келтирмей даўам етиўи керек. Ресурслардан нормада ҳам қайта тикленетуғын түрде пайдаланыў – бул ҳәм жәмиетти, ҳәм тәбиятты сақлаўдың гилти болып есапланады. Биз ҳәр биримиз тәбияттың қәдирин аңлаўымыз, оған зыян жеткермеў ушын өзимиз бенен гүресиўимиз зәрүр. Себеби бул бизиң келешегимиз!

Жуўмақлап соны айтыўымыз мүмкин, тәбиятқа қастыянлық етиў бул тек ғана инсанның тәбиятқа қаратылған қәте қәдемлериниң нәтийжеси емес, ал бизиң өз өмиримизди, өз келешегимизди қәўипке қойыўымыз болып табылады. Тәбиятты қәстерлеп сақлаў, оның күшине исеним, турақлылығын тәмийинлеў – бул ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болыўы керек.

 

Шоира Хайтбаева,

ҚМУ, журналистика қәнигелигиниң 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги