Билимлендириў бағдарындағы пайдалы бирге ислесиў

254

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Ал-Фаробий атындағы Қазақ миллий университети арасында қол қойылған бирге ислесиў меморандумына тийкарланып, академиялық мобиллик ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде Шет тиллери факультетиниң бир топар профессор-оқытыўшылары ҳәм кафедра баслықлары Қазақстан Республикасының Алматы қаласында хызмет сапарында болып тур,- деп мағлыўмат береди ҚМУ Баспасөз хызмети бөлими.

Сапар шеңберинде,  Ал-Фарабий атындағы Қазақстан миллий университетиниң жоқары билимлендириў системасындағы жетискенликлери, атап айтқанда, кафедралар жумысындағы алдынғы тәжирийбелер ҳәм билимлендириў процесине енгизилген жаңа технологиялар менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.

Профессор-оқытыўшылар илимий изертлеўлер, заманагөй оқытыў усыллары ҳәм әмелиятқа тийкарланған билимлендириў методикасы менен танысты. Сондай-ақ, сапар даўамында семинар ҳәм шеберлик сабақлары да шөлкемлестирилди.

Бул академиялық мобиллик бағдарламасы Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң әмелий көриниси болып, ол келешекте жаңа илимий ҳәм әмелий басламаларды биргеликте ислеп шығыў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги