Заманагөй технологияларды енгизиў-заман талабы

Қубла Кореяның «ECOBIO Holdings Co., Ltd» компаниясы шығындыларды қайта ислеў ҳәм олардан энергия дереклерин алыў бойынша пүткил дүньяға белгили компаниялардың бири болып, ол 1989-жылдан бери нәтийжели жумыс алып бармақта.
Усы компанияның жуўапкер ўәкиллери республикамызға да келип, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен ушырасты.
Ушырасыўда Ф.Эрманов мийманларды елимизге келгени менен қутлықлап, мәмлекетимизде экологияны қорғаў, шығындыларды нәтийжели басқарыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў, республикамыздағы бар шығындыларды таңлап алыў, қайта ислеў ҳәм оларды пайдалы энергияға айландырыў имканиятлары, бул бағдардағы инфраструктура ҳәм қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳаққында кең түрде айтып берди.

Өз гезегинде қубла кореялы исбилерменлер де компания тәрепинен соңғы жыллары тараўға заманагөй технологиялар енгизиў, шығындыларды термикалық ҳәм биологиялық усылда қайта ислеў, сондай-ақ, шығындыдан биогаз ҳәм басқа да энергия ресурсларын ислеп шығарыў бойынша әмелге асырылған ири жойбарларлар ҳаққында мағлыўматлар берип, еки тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиў бағдарлары ҳаққында пикирлести.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы