Нызамшылықтағы жаңа өзгерис ҳәм қосымшалар додаланды

227

Қарақалпақстан Республикасы судында прокуратура уйымлары менен биргеликте әмелий семинар өткерилди.

Семинарға республикамыздағы судьялар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Семинарды Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Керимбаев басқарып барды.

Илаж даўамында «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судларда ислерди көриўде прокурордың ўәкилликлерин тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамның әҳмийети кеңнен додаланды.

Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуал кодексине мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў мақсетинде прокурордың қатнасыўы нәзерде тутылған бир қатар әҳмийетли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Атап айтқанда, прокурорға жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар, мәмлекетлик мүлк, мәмлекетке жеткерилген зыянның орнын қаплаў ҳәм мәмлекетлик бюджеттен өндириўге байланыслы ислерде судларда қатнасыў ҳәм  мәмлекет мәплерин қорғаў ушын судқа арза киргизиў ҳуқықы берилди.

Семинар даўамында усы нызамның орынланыўын тәмийинлеўде судлар ҳәм прокуратура уйымларының өз-ара бирге ислесиўи, прокурордың қатнасыўы белгиленген ислердиң суд мәжилислеринде көрип шығылыў тәртиби, бул ўәкилликлердиң әмелий қолланылыўы сыяқлы мәселелер бойынша тәжирийбе алмасты.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар пуқаралық ислерин көриўде прокурор қатнасын тәмийинлеўде суд әмелиятында ушырасып атырған мәселелер, олардың шешимлери бойынша пикирлесип, өзлерин ойландырып жүрген мәселелерге тийисли жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы