Макрон: Тезирек әмелий жумысқа өтиў керек

Францияның Нисса қаласында БМШ басламасы менен шөлкемлестирилген океанлар бойынша үшинши халықаралық конференция жумыс баслады. Экология менен байланыслы глобал машқалаларды сапластырыў жолында гезектеги әҳмийетли қәдем есапланған бул әнжуманға 60 қа шамалас мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, жетекши илимпазлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм бизнес-шөлкемлериниң ўәкиллери қатнаспақта.
Конференцияның тийкарғы мақсети – глобал ысыў, патасланыў ҳәм дәреклерден надурыс пайдаланыў ақыбетинде кризиске ушырап атырған океан экосистемасын сақлап қалыўға қаратылған анық әмелий илажларды ислеп шығыў.
Қәнигелер әнжуман алдынан таярлаған ҳүжжетте океанларды қорғаў бойынша 10 тийкарғы усыныс алға қойылған. Ҳәзирги процессте океан түбинен пайдалы қазылмаларды қазып алыўды толық қадаған етиў ҳәм мәмлекетлердиң юрисдикциясына кирмейтуғын суў аймағында биологиялық көптүрлиликтен әдил пайдаланыў мәселеси айрықша орын ийелейди.
Саммит даўамында экологлар терең теңиз ресурсларынан пайдаланыў бойынша мораторийди кеңейтиў зәрүрлигин және бир мәрте атап өтти.
Франция Президенти Эммануэль Макронның сөзлерине бола, бул басламаны ҳәзирше 30 мәмлекет қоллап-қуўатлаған. Ол қалған мәмлекетлерди де глобал басламаны қоллап-қуўатлаўға шақырды.
Ҳақыйқатында да, дүньядағы ең ири теңиз мәмлекети – АҚШ бул әҳмийетли илажға ҳүкиметтен делегация жибермеген. Франция мәмлекети жетекшиси бул жағдайды сынға алып, бул мәмлекет климат мәселеси бойынша материаллық жәрдем механизминен шығып кеткенин кескин қаралады. Оның атап өтиўинше,…«себеби халық аралық илим елеге шекем көп тәреплеме Американың қаржысына сүйенеди».
Рәсмий дәрежеде қатнаспаған болса да, Қурама Штатлардың айырым жағалық қалаларының ўәкиллери әнжуманда жеке өзи қатнасыў ушын Ниццаға келген. Демек, океан артында да экологиялық қәўетер жоқары.
К.БЕКЖАНОВ, ӨзАның хабаршысы