Болгария Президенти Ғәрезсизлик монументине гүл қойды

519

Ғәрезсизлик монументи мәмлекетимиздиң азатлығы ҳәм турақлылығы белгиси болып есапланады. Онда халқымыздың көп әсирлик мәмлекетшилик тарийхы, уллы ойшыл ҳәм жаўынгер ата-бабаларымыздың тулғалары сәўлеленген. Естеликтиң ең жоқары бөлиминде Хумо қусы сүўретленген.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен елимизде болып турған Болгария Республикасы Президенти Румен Радев “Жаңа Өзбекстан” паркине барды.











Жоқары мәртебели мийманға Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов жолдаслық етти. Болгария жетекшиси Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Румен Радев усы саўлатлы бағдың қурылыс тарийхы менен танысты. Монументте сәўлелендирилген уллы ойшыллар, қаҳарман сәркарда ҳәм жәҳәнгирлер, жадид бабаларымыз ҳаққында айтып берилди.

Делегация ағзалары “Жаңа Өзбекстан” комплексиниң идеялық ҳәм архитектуралық шешимлерине итибар қаратты. Бул жердеги бағ – сийрек ушырасатуғын терек ҳәм гүллер, амфитеатр, фонтанлардың үйлесимлиги атап өтилди.

Сапардың тийкарғы илажлары бүгин, 10-июнь күни болып өтеди.

Сапар бағдарламасына муўапық, еки мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўлери, рәсмий ҳәм исбилерменлик илажларының өткерилиўи, бир қатар  еки тәреплеме келисимлерге қол қойылыўы режелестирилген.

Болгария Президенти Румен Радев IV Ташкент халықаралық инвестиция форумында   да қатнасады.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

Носиржон Ҳайдаров (сүўрет),

ӨзА