Жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, ўазыйпалар белгиленди

259

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың «Жаслар айлығы» шеңберинде Қоңырат районындағы белсенди жаслар менен ушырасыўы өткерилди. 

Ушырасыў шеңберинде дәслеп, бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы өткерилди.

Ярмаркада 44 мәкеме ҳәм шөлкем 154 бос жумыс орынлары менен қатнасты. Онда бир қатар жаслар жумыс орынларына жайластырылған болса, және бир топар ҳаял-қызларға қайта кәсипке бағдарлаў бойынша жолламалар берилди.

Буннан соң IT  тараўы қәнигелери тәрепинен тараўды раўажландырыў, IT хызметлерин усыныўды жолға қойыў, азғана қунт етиў арқалы мол дәрамат алыўды жолға қойыў сондай-ақ, Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими тәрепинен жаслардың исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм ҳәр қыйлы жойбарлар бойынша жумыс ислеўи ушын грант қаржыларын кеңнен тартыў усыллары көрсетилген презентациялар, мағлыўматлар усынылды. Буннан тысқары, Президентимиздиң тапсырмасы менен жаслар банки сыпатында жәрияланған Алоқа банктиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, Миллий банкттың жуўапкер қәнигелери тәрепинен жаслардың исбилерменлигин жолға қойыў ҳәм бар жойбарларды кеңейтиў бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.

Ушырасыўда дәслеп республикамыз басшысы елимизде жасларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў мəселеси мəмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғаны, Президентимиздиң жасларға деген жоқары исеними, айрықша итибары ҳəм аталарша ғамхорлығы нəтийжесинде олар ушын барлық имканиятлар жаратылып атырғанлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Заманагөй билимлендириў мəкемелери ашылды, исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилди. Билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўлардағы жасларымыз материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланбақта. Әсиресе, Президентимиздиң 213-санлы тарийхый пәрманы менен жоқары оқыў орынларында қарақалпақстанлы жаслар ушын өз алдына қосымша квоталар ажыратылып атырғаны оларға жаңа имканиятлар есигин ашып бермекте.

Өз гезегинде, қоңыратлы жаслар да бундай итибар ушын Президентимизге айрықша миннетдаршылығын билдирди.

Өткерилген ушырасыў даўамында жаслар менен жақыннан пикирлесип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, усыныслары тыңланды. Атап айтқанда, жаслар тәрепинен район аймағында заманагөй китапхана қурыў, исбилерменлигин раўажландырыў, параспорт пенен шуғылланыўы ушын қосымша имканиятлар жаратыў, Бәркамал әўлад балалар мектебинде лаборатория ҳәм IT курсларын шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көтерилди.

Өз гезегинде ҳәр бир баслама ҳәм усыныс Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгилеп алынып, тез арада турмысқа енгизиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Буннан соң бир топар жаслар белсендилиги ҳәм заманласлары арасында айрықша жетискенликлерге ерисип, көпшиликке үлги болып атырғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен сыйлықланды.

Өткерилген ушырасыў шын мәнисинде Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм жаслардың тиккелей пикирлесиў майданына айланды ҳәм бундай ушырасыўлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларында даўам еттириледи.

Ушырасыўдан соң, Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы, Жоқарғы Кеңестиң жуўапкерлери ҳәм тараў басшыларының қатнасыўында жаслардың машқалаларын тыңлаў мақсетинде қабыллаў өткерилип, машқалалардың шешимин табыў илажлары көрилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги