Әмиўдәрья районындағы «Бағ» мәҳәллесиндеги жетекши хожалықлардан бири Рахимбаев Азизбек фермер хожалығының бийдай атызында ғәлле орымына бағышланған әмелий семинар шөлкемлестирилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы А. Жуманазаров, Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм байланыс мәселелери комитетиниң баслығы И. Сдиков, район ҳәкими С. Хожаметов, ҳәким орынбасарлары, аўыл хожалығы тараўының қәнигелери, нуранийлар, фермерлер, жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Семинарда район ҳәкими С. Хожаметов шығып сөйлеп, ғәлле мәўсими ҳәр бир фермер, ҳәр бир дийқан ушын әҳмийетли сынақ дәўири болыўы менен бирге, елимиздиң азық-аўқат қәўипсизлиги ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, районда 2025-жылдың өними ушын 270 фермер хожалығы ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 4800 гектар майданға ғәлле егилип, усы майданлардан жәми 11 мың 130 тонна бийдай жетистириў режелестирилген.
Районда быйылғы жылдың зүрәәти ушын егилген ғәлле өнимин 20-июньға шекем зая етпей орып-жыйнаў мақсетинде 23 отряд шөлкемлестирилип, бул отрядларға жәми 69 маман қәнигелер бириктирилген. Соннан, 23 отряд басшылары, 23 ИИБ хызметкери, 23 АЖБ хызметкери бириктирилген. 4800 гектар ғәлле майданларын орып-жыйнаў жумысларына жәми 131 техника бириктирилген.
Семинар даўамында шығып сөйлегенлер зүрәәтти оптимал мүддетлерде жыйнап алыў, техника ҳәм механизаторлардың таярлығы, қәўипсизлик илажларына қатаң әмел етиў, техника ҳәм механизаторлардың таярлығы, қәўипсизлик илажларына қатаң әмел етиў, сондай-ақ, ғәллени атыздан қоймаханаға сапалы жеткерип бериў бойынша зәрүр усыныслар берди ҳәм өз-ара пикир алысты.
Буннан соң, атыз шетиндеги заманагөй комбайнлар ҳәрекетке түсирилди. Дәслепки орым-жыйын процеси көргизбели тәризде шөлкемлестирилип, мийманлар фермер хожалығындағы техникалық потенциал, жумысшы күшиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм агротехникалық илажлардың әмелий нәтийжесине тиккелей гүўа болды.
Мәжилис қатнасыўшылары бул илажды тек ғана тәжирийбе алмасыў емес, ал мийнетке, елге ҳәм ырысқы-несийбеге болған ҳүрметтиң көриниси сыпатында да қабыл етти. Бундай руўхый-ағартыўшылық руўхында өткен семинарлар елимиздиң аўыл хожалығында мийнеткеш дийқанлардың потенциалын жүзеге шығарыў, оларды хошаметлеў ҳәм миллий қәдириятларымызды беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги