Теориялық билимлер әмелиятта және де беккемленбекте

265

Қарақалпақстан Республикасы Хожели районында жайласқан Миздакхан археологиялық комплексинде Бердақ атындағы ҚМУ дың тарийх факультети тарийх бакалвр тәлим бағдарының 1-курс студентлери археологиялық дала қазыў әмалиятын өтемекте.

Бул жерде алып барылып атырылған жумыслар менен танысыў мақсетинде факультет деканы С.Сулайманов әмелият орнында болып, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар менен сәўбетлести. Әмелиятқа Археология кафедрасының  оқытыўшылары С.Сайипов,  О.Қидирниязов,  Ф.Махсетовлар башылық етпекте.

Дала әмелиятындағы изертлеў объекти Миздакханның қубла мәҳәллесиндеги өнерментлер орайы.  Онда қубла мәҳәлле тийкарынан Хорезмшахлардың IХ, ХI ,ХII  әсирлерге тийисли мәдений қатламы қазып үйренилип атыр. Дала қазыў әмелиятында студентлер оқыў даўамында үйренген теориялық билимлерин әмелиятта қолланбақта.

                                                                            Қарақалпақстан хабар агентлиги