Өзбекстан-Қатар ойыны ҳаққында қызықлы мағлыўматлар

344

Ертең Ташкент қаласындағы  «Бунёдкор» стадионында  футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы 2026-жылғы Жәҳән  чемпионаты 3-таңлап алыў басқышының ең соңғы туры шеңберинде Қатар сайланды командасына қарсы ойынға түседи.

Мүддетинен бурын Жәҳән чемпионаты жолламасын қолға киргизген мәмлекетимиз сайланды командасы бул ойында футболшылар ақ формада, дәрўазаман қара футболкада ҳәрекет етеди ҳәм ойынды қытайлы төрешилер басқарып барады.

Атап айтқанда, ушырасыўды қытайлы Ма Нинг басқарып барса, қанатларда оған Жоу Феи ҳәм Жанг Ченг жәрдемлеседи. 4-рәсмий төреши болса, Жин Жингюан, ВАРда Фу Минг өз жумысын алып барады.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Өзбекстан сайланды командасы усы күнге шекем Ташкентте Қатар менен 6 мәрте ушырасып, олардың барлығында жеңип шығыўға миясар болған. Бул ойынлардың төртеўи Жәҳән чемпионаты таңлап алыў ойынларына туўра келсе, биреўи Азия Кубогиниң таңлап алыў басқышында, биреўи дослық ушырасыўы шеңберинде өткерилген.

Ертеңги ушырасыў саат 18:45 те басланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы