Қанлыкөл районындағы Алтынкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Шахноз Асел”  фермер хожалығында 2025-жылдың зүрәәти ушын жетистирилген бийдайдың орым-жыйын жумысларын тез ҳәм сапалы өткериўге арналған әмелий көргизбели семинар кеңеси болып өтти.

Семинарда, район ҳәкими Б.Султанов, тийисли тараў басшылары, фермерлер, отряд баслықлары қатнасты.

Аўыл хожалығы тараўында дән ғәрезсизлигин тәмийинлеў, бийдайдан мол өним алыўда алдынғы тәжирийбелер атап өтилип, фермер хожалықларының бул бағдардағы үлеси жыл сайын артып атырғаны айрықша тилге алынды.

Семинар даўамында быйылғы жылы ғәллени сапалы ҳәм қысқа мүддетте жыйнап алыў бойынша өз-ара пикир алысып, анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Семинарда жасы үлкен нураныйлар жаңа истиң басланыўы менен жақсы нийетлерге ақ пәтияларын берди.

Районда, усы жылдың зүрәәти ушын жәми 152 фермер хожалықлары тәрепинен 4200 гектар майданда бийдай жетистирилген. Бийдай өнимлерин тез ҳәм сапалы орып жыйнап алыў ислерине арналған арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўына тийкарланған семинар да өткерилди.

Кластер ҳәм дийқан, шарўашылық фермер хожалықлары тәрепинен егилген бийдайдың тәрбиясы, белгиленген агротехникалық илажлар өз ўақтында алып барылып, орып-жыйнаў жумыслары да басланды. 9 отряд дүзилген болып, ҳәр бир отрядқа жоқары өнимдарлы 1 комбайн, автомашина ҳәм трактор тиркемелери техникалық хызмет көрсетиўши техникалар бириктирилген.

Семинарда бийдай өнимлерин тез күнде сапалы орып жыйнап алыў илажлары белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги