Жаслардың ҳуқықый санасы ҳәм мәденияты арттырылмақта

Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жаслар арасында ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты арттырыў мақсетинде, орынларда судлар тәрепинен әмелий жумыслар алып барылмақта. Усындай илажлардан бири Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьялары тәрепинен Нөкис қаласындағы Жаслар орайында шөлкемлестирилди.
Онда Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының баслығы Р.Жумабаев шығып сөйлеп, жаслар арасында ушырасып атырған жынаятлар ҳәм олардың алдын алыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, атап айтқанда, жаслар арасында жынаяшылықты азайтыў ушын әмелге асырылып атырған профилактикалық илажлар, тәлим-тәрбия жумыслары ҳәм онда ҳуқықый үгит-нәсият илажларының әҳмийетине тоқтап өтти.
Буннан соң Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьялары А.Салиев, Қ.Бабаназаров ҳәм С.Караматдиновалар басшылығында көшпели суд мәжилиси өткерилди.
Мәжилисте реал суд додалаўы көрсетилип, онда тийкарынан пенсия тайынлаўға байланыслы ҳәкимшилик даўлар көрип шығылып, суд процесинде пенсия тәмийнатына байланыслы мәселелер, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм оларды қорғаў тәртиби додаланды.
Судьялар тәрепинен қатнасыўшыларға истиң ҳуқықый тийкарлары, дәлиллерди баҳалаў процеси ҳәм қабыл етилген қарардың әҳмийети түсиндирилди. Сондай-ақ, жасларға ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың ақыбети, пуқаралық жуўапкершилик ҳәм нызам үстинлигиниң әҳмийети ҳаққында да мағлыўматлар берилди.


-Бундай илажлар жаслар арасында ҳуқықый мәдениятты, пуқаралардың ҳуқықый хабардарлығын арттырыў ҳәм нызамлылықты беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе,-дейди Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы А.Салиев.-Илажда қатнасқан жаслар суд процесин бақлаў арқалы судлар жумысы менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.
Адилбай Оразов, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы