Өзбекстан ҳәм Қатар ушырасыўын қытайлы төрешилер басқарады

Футбол бойынша Азия регионында Жәҳән чемпионаты сайлап алыўының үшинши басқышында 10-тур ойынлары ертең, 10-июнь күни болып өтеди.
Усы тур шеңберинде Өзбекстан – Қатар, Қырғызстан – БАӘ, Иран – КХДР, Палестина – Оман, Иордания – Ирак, Қубла Корея – Кувейт, Япония – Индонезия, Саудия Арабстаны – Австралия, Қытай – Бахрейн сайланды командалары өз-ара беллеседи.

Әлбетте, бизиң бар итибарымыз «Бунёдкор» стадионында болып өтетуғын Өзбекстан ҳәм Қатар сайланды командалары арасындағы ушырасыўға қаратылады. Ойын саат 18:45 те басланады ҳәм оны қытайлы төрешилер басқарады. Бас төреши – Ма Нинг, оған қанатларда Жо-ю Феи ҳәм Жанг Ченг жәрдем береди. Төртинши төреши сыпатында Жин Жингюан, VAR системасында болса Фу Минг ислейди.

Негизинде, бул ушырасыў ҳәр еки команда ушын жарыс тәғдирин шешпейди, себеби Өзбекстан сайланды командасы әллеқашан мүддетинен алдын Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизген. Соған қарамастан, командамыз өз ықласбентлери ушын шырайлы ойын көрсетеди.
Мағлыўмат ушын: Өзбекстан ҳәм Қатар сайланды командалары 2000-жылдан берли Жәҳән ҳәм Азия чемпионатының сайлап алыў басқышлары, Азия чемпионаты және дослық ушырасыўлары шеңберинде жәми 16 мәрте ушырасқан. Бул ойынлардың 9ында Өзбекстан жеңиске ерискен, 3 ушырасыў теңбе-тең жуўмақланған. 4 ойында болса Қатар командасы үстинликке ерискен. Топлар қатнасы болса 27:17 Өзбекстан сайланды командасының пайдасына.
Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА